Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.01.2018 17:17
  • 2067

ҚМУ студенти «Жаслар аўқамы стипендиясы» жеңимпазы болды



Жоқары оқыў орынларының бакалавр басқышы студентлери арасында өткерилген «Өзбекистан жаслар аўқамы стипендиясы»ның 2017-2018-оқыў жылы бойынша республикалық басқыштың жеңимпазлары анықланды.
Таңлаў жуўмақларына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы бойынша Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қарақалпақ филологиясы факультетиниң 2-курс студенти Наргиза Балтабаева жеңимпаз деп табылды.
Наргиза Балтабаева өзиниң қарақалпақ халқының бай мийраслары, соның ишинде, фольклорымызды жаслар арасында кең үгит-нәсиятлаў, халық аўзындағы әдебий мийрасларымызды топлаў ушын хызмет ететуғын ҳәм усы мақсет жолында жасларды бирлестиретуғын жойбары менен Өзбекистан көлеминде жеңимпазлар қатарынан орын алды.
Мағлыўмат ушын, «Өзбекистан жаслар аўқамы стипендиясы»ның финаллық басқышына Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен 5 студент өз жойбарлары менен қатнасқан еди.

Сахибжамал Есемуратова.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында