Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.01.2018 16:59
  • 1931

Гүлнара Мунтеева: концертке билетти қолдан ислеп, 5 тийинға сататуғын едик

Гүлнара Мунтеева: концертке билетти қолдан ислеп, 5 тийинға сататуғын едик

Karinform.uz сайты Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, «Ардақлаў-2016», «Ардақлаў-2017» сыйлығының лауреаты Гүлнара Мунтеева менен оның балалық демлери туўралы сәўбет шөлкемлестирди.
Гүлнара Мунтеева балалығын еслеп, көшесиндеги өткерилетуғын жарыслар туўралы айтып берди:
«Балалығымызда көшемиздиң қызлары тез-тезден қосық айтыў, аяқ ойын бойынша жарыслар, концерт шөлкемлестиретуғын еди. Усы концертке қолдан түр қәлемлер менен билет ислеп, көшемиздиң турғынларына 5 тийинға сататуғын едик. Олар усы билетлерди сатып алатуғын еди. Оннан жыйналған пулға дәптер, түр қәлем, ең үлкен саўғамыз китап сатып алып, жеңимпазларға саўға етип беретуғын едик. Мен ҳәрдайым биринши орынды алып, китап алатуғын едим. Көшемизде орын алғанлар қоңсы көшелер жарысатуғын едик. Аўылда орын алғаннан соң, қоңсы аўыллар менен де жарысатуғын едик. Олардың барлығында мен биринши орынды алатуғын едим», - деди ол қосықшылыққа кирип келиўине түртки болған ўақыялар туўралы айтып.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул