Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.02.2018 12:47
  • 2367

Қулап қалайын деп турған имараттың ишинде мақала жазатуғын қарақалпақ журналистлери



«Газетаға мақала жазып едим. Буны қаяққа апарып тапсырсам болады?» деген сораў менен мүрәжат еткен танысыма полиграф комбинаттың мәнзилин бергеним ядымда. Ол сонда «Ойбоў, ана бир ишлери унырап турған здание ме? Оның ишине кирсек, паталогы төбемизге қулап кетпей ме? Ана репперлердиң клиплериндеги жерлерге уқсайды. Бир мәрте барып едим» деген гәплери еле қулағымның астында жаңлайды. Бул гәптен соң я күлеримди, я жыларымды билмедим. Тиллерим тек ғана «яғаў, ол жерде көп журналистлер ислейди-ғой» деўге зорға гүрмелди.
Бүгин техника-технологиялар раўажланған заманда журналистлерге қолайлы шараят жоқ. Баспасөзде ислеўши журналистлердиң отырып, мақала дөрететуғын орайының яғный, полиграф комбинаттың бүгинги күндеги жағдайы жақсы емеслиги, ҳәттеки, оған сырттан келген адамлардың қорқа-қорқа киретуғынлығы бар гәп.

Қулап қалайын деп турған имараттың ишинде мақала жазатуғын қарақалпақ журналистлери

Бул ҳаққында Karinform.uz сайтында жәрияланған «ПОРТАЛ керек пе ямаса ЖУРНАЛИСТ? ямаса журналистиканың төртинши ҳәкимият сыпатындағы орны қайда қалды?» атамасындағы мақаласы жәрияланғаннан соң белгили журналист Арыўхан Турекееваның республикалық «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 2018-жыл 8-февральдағы №6 (7970) санының 4-бетинде «Журналистиканың бүгинги машқалалары яки мүлгиген журналистлерди оятың…» мақаласында да айтылған.
Ҳақыйқатында да, журналистлер дәслеп өзлериниң машқалаларын шеше алмай ямаса шешиў жолын көрсете билмей турып, қалайынша өзгелердиң машқалаларын шешиўге жәрдем бериўи мүмкин.
Журналистлер дөретиўши халық. Олар халықтың ғамын ойлап, олардың арасына кирип, жақсы мақалалар дөретиўи ушын сулыў имарат, соңғы заманагөй технологиялар менен безетилген қолайлы орын керек. «Жоқары»дағылар жыйналыс, мәжилиспазлықтан басын көтерип, усы мәселени шешип берсе нур үстине нур болар еди.

Қулап қалайын деп турған имараттың ишинде мақала жазатуғын қарақалпақ журналистлери

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.