Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.05.2017 18:08
  • 5891

Пластик операциядан соң қыз танып болмас жағдайға түсип қалды

Туркиялы 22 жаслы Мерве Келеш ернин жөнлеўди қәледи ҳәм интернетте танысқан хирургқа мүрәжат етти. Аўыз пластикасы қызды танып болмас жағдайға түсирип қойды.
Еринлери қатты исип кеткенликтен Мерве аўзын аша алмай қалды. Жәбирленген қыз емлеўханаға алып барылды, бирақ, исик қайтпады.

Жергиликли ҒХҚның хабарында жазылыўынша, қызды операция ислеген хирург Сонер социаллық тармақларда Әзербайжанда усы тараў бойынша билим алғаны жөнинде мағлыўмат қалдырған. Бирақ, қыз оның үстинен шағым еткеннен соң, ол негизинде шаштәрез екенлигин, Мерве Келеш болса оннан пул өндирмекши екенлигин айтып өткен.
Қызды елеге шекем емлеўдиң илажы болмады, себеби, врачлар өзин хирург деп таныстырған Сонердиң қыздың ернине қандай элемент қосқанын анықлай алмай атыр.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай

Сиз неше саат уйқылайсыз?

Сиз неше саат уйқылайсыз?

    0-2 саат – бул аралықтағы уйқы дыққатты жәмлеўдиң қыйынласыўы ҳәм итибардың пәсейиўине алып келеди. 3-4