Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.05.2019 16:48
  • 2658

Хроника. Қарақалпақстанлы азаматлардың урыстағы ерликлери (1-бөлим)

Адамзат тарийхында ең көп бүлгиншиликке алып келген, миллионлаған адамлардың дастығын қурытқан Екинши жер жүзилик урыс сол дәўирде халқы аз санлы болған Қарақалпақстан ушын да орны толмас жоғалтыўларға алып келди. Мағлыўматларға қарағанда, сол дәўирде Қарақалпақстанның халқының саны 476 мың болған болса, урысқа 64 мыңнан аслам қарақалпақстанлы мәрт азаматлар мобилизацияланған.
Хроника. Қарақалпақстанлы азаматлардың урыстағы ерликлери (1-бөлим)
1941-жылы қурамында 4300 ге шамалас қарақалпақстанлы болған 97-қарақалпақ атқышлар бригадасы дүзилди. Бул бригаданың батальонлары Москва ҳәм Сталинград босағасындағы ҳәм басқа да саўашларда қатнасты.
1941-1945-жыллар аралығында фронтқа атланған қарақалпақстанлы азаматлардың 20 дан асламы Қаҳарман, 6 жаўынгер болса I, II, III дәрежели «Даңқ» орденлерин алыўға еристи. Сондай-ақ, көплеген жерлеслеримиз Украина, Чехословакия, Венгрия, Румыния, Польша, Югославия сыяқлы еллерди ҳәм Берлинди душпанлардан азат етиўге қатнасқаны ушын сыйлықланған.

Тарийхшылар С.Камалов ҳәм Қ.Сарыбаевлардың китапларынан Ислам Матеков жазып алды.

Бул материалды автордың руқсатысыз көширип алыў қадаған етиледи!
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанлы қылышпазлар Тунисте болып өтетуғын Гран-при турнирине қатнасады

Қарақалпақстанлы қылышпазлар Тунисте болып өтетуғын Гран-при турнирине қатнасады

    Усы жылдың 14-15-январь күнлери Тунисте қылышпазлықтың сабля бағдары бойынша Гран-при турнири болып өтеди. Бүгин усы

Қарақалпақстанлы волейболшы қызлар Өзбекстан суперкубоги жеңимпазы ҳәм абсолют чемпионы болды

Қарақалпақстанлы волейболшы қызлар Өзбекстан суперкубоги жеңимпазы ҳәм абсолют чемпионы болды

    Усы жылдың 8-10-декабрь күнлери аралығында Ташкент қаласында волейбол бойынша ҳаял-қызлар арасында V Өзбекстан суперкубоги жарысы

Паражүзиў бойынша «Өзбекстан кубогы»нда қарақалпақстанлы спортшылар 2 алтын ҳәм 3 гүмис медалди қолға киргизди

Паражүзиў бойынша «Өзбекстан кубогы»нда қарақалпақстанлы спортшылар 2 алтын ҳәм 3 гүмис медалди қолға киргизди

    Усы жылдың 28-30-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың паражүзиў түри бойынша «Өзбекстан кубогы» шөлкемлестирилди. Бул