Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.05.2019 16:48
  • 2650

Хроника. Қарақалпақстанлы азаматлардың урыстағы ерликлери (2-бөлим)

Инаят Наўрызбаев
Хроника. Қарақалпақстанлы азаматлардың урыстағы ерликлери (2-бөлим)
Киши лейтенант Инаят Наўрызбаевтың даңқы мәңги өшпейди. Ол өзиниң жаўынгер группасы менен душпанның оғын өзине қарата бурып, Днепрдың оң жағасына өтип атырған бөлимди қорғады. Соң жаўынгерлер тас жолды қадағалап атырған фашистлерди жақсы бекинген аўылдан қуўып шықты. Усы саўашта олар 375 душпанды қыйратты, 89 ын тутқынға алды, көплеген әскерий олжаны қолға түсирди. Инаят Наўрызбаевқа Қаҳарман атағы берилди.

Н.А.Сараев
Хроника. Қарақалпақстанлы азаматлардың урыстағы ерликлери (2-бөлим)
Нөкис гербиш заводының бурынғы темирши устасы Н.А.Сараев Днепр ушын саўаш ўақтында әскерлер ҳәм техниканың келип жетиўин күтип отырмастан, душпанның үзликсиз күшли оқ жаўдырыўының астында оң жағаға жүзип өтти ҳәм дәрьядан жаўынгер бөлимлеримиздиң өтиўин тәмийинлеп, оларды душпаннан қорғап турды. Мәртлиги ҳәм ерлиги есапқа алынып Н.Сараевқа Қаҳарман атағы берилди.

Махаш Балмағамбетов
Хроника. Қарақалпақстанлы азаматлардың урыстағы ерликлери (2-бөлим)
73-атқышлар дивизиясының 2-рота бөлимшесиниң командири, сержант М.Балмағамбетов өз бөлимшеси менен Днепрдың оң жағалығындағы Бородаевка аўылының қасында жаўынгерлик позицияны беккем услап турды. Ол 20 фашистти набыт етти, 16 сын тутқынға алды. Саўашта көрсеткен ерлиги ҳәм батырлығы ушын оған 1944-жылы 22-февральда Қаҳарман атағы берилди.

Жуман Қарақулов (қарақалпақтың «Матросовы»)
Хроника. Қарақалпақстанлы азаматлардың урыстағы ерликлери (2-бөлим)
Жуман Қарақулов 327-Севастополь атқышлар полкында әскерий ўазыйпаны орынлап, оқты қардай боратып турған душпан пулемётына өзин таслап, жолдасларының жеңисин тәмийинледи ҳәм Александр Матросовтың ерлигин тәкирарлады. Жуман Қарақуловтың мәртлиги жоқары баҳаланып, 1945-жыл 24-мартта оған Қаҳарман атағы берилди.

Иван Махорин
Хроника. Қарақалпақстанлы азаматлардың урыстағы ерликлери (2-бөлим)
И.Ф.Махорин 1943-жылы 22-сентябрьде Днепрдиң арқа тәрепиндеги үш саатлық қатаң саўаш ўақтында душпанның 154 тен аслам солдат ҳәм офицерлерин жоқ етти. Днепр ушын саўашта көрсеткен қаҳарманлығы ушын 1944-жылы 15-январьда оған Қаҳарман атағы берилди.

Плис Нурпейсов
Хроника. Қарақалпақстанлы азаматлардың урыстағы ерликлери (2-бөлим)
Нөкис мәмлекетлик муғаллимлер институты (ҳәзирги НМПИ)ның студенти П.Нурпейсов армия қатарына шақырылып, авиация мектебинде оқыды ҳәм оны тез тамамлап, душпан бекинислерин сүўретке алыў сыяқлы әҳмийетли әскерий тапсырмаларды орынлады. Ол 1944-жылдың жазында фашистлердиң 45 аэродромын, 384 метр жол эшолонларын, 17 танк группасын ҳәм тағы басқа әҳмийетли объектлерди сүўретке алды. 1945-жылы 23-апрельде гезектеги тапсырманы орынлаў ўақтында Берлинде П.Нурпейсовтың самолёты душпан тәрепинен атып түсирилди. Урыстағы мәртлиги ушын П.Нурпейсовқа Қаҳарман атағы берилди.

Тарийхшылар С.Камалов ҳәм Қ.Сарыбаевлардың китапларынан Ислам Матеков жазып алды.
Фото: KarInform.uz
Бул материалды автордың руқсатысыз көширип алыў қадаған етиледи!
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанлы қылышпазлар Тунисте болып өтетуғын Гран-при турнирине қатнасады

Қарақалпақстанлы қылышпазлар Тунисте болып өтетуғын Гран-при турнирине қатнасады

    Усы жылдың 14-15-январь күнлери Тунисте қылышпазлықтың сабля бағдары бойынша Гран-при турнири болып өтеди. Бүгин усы

Қарақалпақстанлы волейболшы қызлар Өзбекстан суперкубоги жеңимпазы ҳәм абсолют чемпионы болды

Қарақалпақстанлы волейболшы қызлар Өзбекстан суперкубоги жеңимпазы ҳәм абсолют чемпионы болды

    Усы жылдың 8-10-декабрь күнлери аралығында Ташкент қаласында волейбол бойынша ҳаял-қызлар арасында V Өзбекстан суперкубоги жарысы

Паражүзиў бойынша «Өзбекстан кубогы»нда қарақалпақстанлы спортшылар 2 алтын ҳәм 3 гүмис медалди қолға киргизди

Паражүзиў бойынша «Өзбекстан кубогы»нда қарақалпақстанлы спортшылар 2 алтын ҳәм 3 гүмис медалди қолға киргизди

    Усы жылдың 28-30-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың паражүзиў түри бойынша «Өзбекстан кубогы» шөлкемлестирилди. Бул