Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2017 14:40
  • 2497

«Бермуд үшмүйешлиги»ниң сыры ашылды


«Бермуд үшмүйешлиги» аймағы Атлантика океанының ең қәўипли бөлеги есапланады. Дәслебинде бул жерде тек ғана кемелердиң апатшылығы көзге тасланған болса, ўақыт өтип самолётлар да усы аймақтың «қурбаны»на айлана баслады.

Айрым илимпазлар «шәйтан үшмүйешлиги» жер факторларына бола қәўипли, деген пикирди алға сүрип келди. Буған усы аймақта навигация системасының оғада қыйын екенлиги, шақмақлардың көплиги ҳәм ҳәп заматта дүбелей болып кетиўин себепши етип көрсетти.
Не ушын дүнья океанының басқа жерлерине салыстырғанда усы жерде көбирек кеме ҳәм самолётлардың апатшылығы бақланады?

Бул сораўларға анық жуўап табыў ушын Колорадо университетиниң метеорологы Стив Миллер 10 жыллық өмирин сарплаған. Ол жергиликли шегара қорғаўшылары қәнигелери менен анығырақ теория жаратыўға еристи. Оның пикиринше, орташа ҳаўа аномалиясы Бермуд үшмүйешлигиниң сыры есапланды. Аймақтың жердиң жасалма жолдасынан түсирилген сүўретлерин анализлей отырып, Стив Миллер ҳаўа аномалиясын излеўге бел байлаған. Нәтийжеде ол ең заманагөй аппаратлар жәрдеминде аймақ аспанында 6 мүйешли әдеттегидей болмаған бултларды анықлаған.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен

Фотожурналист Мақсет Ҳабибуллаевтиң Қарақалпақстан аўылларындағы ҳаял-қызлар турмысына арналған фотокөргизбеси ашылды (+фоторепортаж)

Фотожурналист Мақсет Ҳабибуллаевтиң Қарақалпақстан аўылларындағы ҳаял-қызлар турмысына арналған фотокөргизбеси ашылды (+фоторепортаж)

    Бүгин, 14-октябрь күни Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Көргизбе сарайында Өзбекстан художниклери дөретиўшилик бирлеспесиниң