Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.05.2017 14:13
  • 2232

Газден қарызыңыз бар ма? 1-июньнан баслап жәрийма салынады


2017-жылдың 1-июнинен баслап жеткерип берилген тәбийғый газ ушын қарызы болған ҳәм тармақтан үзип қойылған тутыныўшылар газ тәмийнаты тармақларына қайта жалғаныўы ушын олардан ең кем айлық ис ҳақының еки есеси муғдарында төлем өндириледи. Соның менен бирге, 2017-жылдың 1-октябринен баслап тәбийғый газди есаплаў үскенелери болмаған күнделикли тутыныўшыларға тәбийғый газ жеткерип бериў тәбийғый газге белгиленген тариф муғдарының еки есеси қолланылған көринисте әмелге асырылады. Бул елимиз басшысының 2017-жылы 20-апрельдеги «Газ тәмийнаты системасына базар механизмлерин кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында әмелге асырылады.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда