Павлодар районындағы Ефремовка атындағы улыўма орта билим бериў мектебиниң 6-класс оқыўшысы Азамат Жолдасбек қарындасын шөгип баратырған жеринен қутқарып, өзи қайтыс болды, деп хабарлады Жасқазақ
мәлимлеме агентлиги.
Хабарда жазылыўына қарағанда, 21-май күни Азамат алты жаслы иниси Алдияр менен бирге мал бағыўға барған. Кеште келип, анасы таярлап қойған аўқатты жемей, қарындасы Инәбат пенен бирге аўылдың шетиндеги көлге өзлери соққан ойыншық кемени жиберип келиўге руқсат сорап, кетип қалған. Қасында қоңсы үйдиң балалары Савель ҳәм Дашалар да болған. Көлдиң қасындағы маллардың суў ишетуғын жериндеги еки метрли бетонға Инәбаттың аяғы тайып, суўға қулаған. Азамат болса дәрриў арғы жағадан суўға секирген ҳәм қарындасын жағаға ылақтырып жиберип, бирақ, өзи шыға алмай қалған. Қоңсы балалар бар даўысы менен жәрдемге шақырғаны менен ҳешким келмеген. Даша жағада суўға туншығып жатырған Инәбатқа телевизорда көргениндей етип биринши жәрдем көрсеткен ҳәм оны аман алып қалған. Балалар қатты қорқып кетип, Азаматтың анасына жуўырып барып, ўақыяны айтқан. Тилекке қарсы, олар жетип келгенинде Азаматтың денеси суўдан табылмаған. Буған қосымша, ол жердегилер жүзип билмейтуғынын айтып, оны излеўден бас тартқан. Ал Дашаның әкеси ўақыяны еситип келип, Азаматтың денесин суўдан алып шыққан.