
Келиң, төменде биз исенимсизлик, яғный толығырақ айтатуғын болсақ көргенине исенетуғынлар ҳаққында бир мысалды келтирип өтпекшимиз.
Бир дийқан хожейининиң үйине мийман болып келипти. Хожейини оны сыйлап төрге шығарып, алдына дәстүрхан жайып аўқатқа сорпа әкелипти. Дийқан қасықты қолына алып, сорпаны жеўге енди кирисейин деп атырғанда кесениң ишиндеги кишкене жыланға көзи түсипти. Хожейинниң кеўлине тиймейин деп мийман сорпаны қалдырмай ишипти. Үйине келип дийқан бир неше наўқасланып қалыпты.
Арадан көп өтпей сол дийқан бир жумыслары менен және хожейининиң үйине барыўына туўра келипти. Хожейининиң ҳаялы дийқанның алдына және сорпа әкелипти. Дийқан енди жейжақ болса, кеседен және кишкене жылан көринипти. Лекин, бул сапары дийқан ойындағысын хожейинине айтады. Хожейинини ўаҳаҳалап күлип, дийқанға жоқарыда илинип турған оқжайды көрсетипти:
-Ҳеш қандай жылан жоқ, сен оқжайдың сәўлесин көрип атырсаң,-депти хожейини.
Демек, буннан келип шыққан ҳалда соны айтыўға болады, өзимиз ямаса қоршаған орталық түўралы надурыс көз қараслар менен жасай отырып, биз ҳәр күни аўқат сыяқлы сол «жыланды жутамыз».
Сахибжамал Есемуратова