«Өзбекнефтгаз» компаниясы 1-апрельден баслап халыққа жеткерип берилетуғын тәбийғый газ тарифлериниң арттырылыўы ҳаққында хабар берди. Бул ҳаққында Gazeta.uz хабар бермекте. Жаңа баҳалар реестри 16-март күни Өзбекстан Қаржы министрлиги тәрепинен тастыйықланды.
Келеси айдан баслап 10 метр куб тәбийғый газ баҳасы есаплағыш болған жағдайда 2897,4 сум (ҳәзирги ўақытта – 2634 сум, өсиў дәрежеси – 10 процент) болады.
Есаплағыш болмаған жағдайда, аўқат писириў ҳәм ыссы суў менен тәмийинлеў ушын пайдаланыўшы 10 куб метр тәбийғый газ баҳасы 5010,6 (ҳәзирги ўақытта – 4555,9 сум, өсиў дәрежеси – 9,9 процент), жылытыў системасы ушын – 2323,7 сум (2112,45 сум, өсиў дәрежеси – 10 процент) етип белгиленди.
Мағлыўмат ушын, ақырғы мәрте газ ҳәм басқа коммуналлық хызметлер тарифлери 2017-жылдың июль айында көбейтилген еди.
Ислам Матеков.