
Соңғы жыллары елимизде жергиликли басқа тереклердиң орнына ёлка тереклерин егиў үрдиске айланды. Бул теректиң қандай әҳмийетли тәрепи бар екенлигине қызықсынып қәнигелерге мүрәжәәт еттик. Бул бойынша қәниге Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы кафедрасы баслығы, биология илимлериниң кандидаты Азима Саитова мағлыўмат берип өтти:
Ёлка интродукцияланған (ўатаны басқа жер) өсимликлер қатарына киреди. Бүгинги күнде қалалық орынларда ашық туқымлар бөлиминиң ўәкили болған ёлка, қарағай, виргин ёлкасы, туйя, биота сыяқлы түрлердиң көплеп егиўдиң тийкарғы себеплерин санап өтсек:
• ол қысы, жазы жасыл реңде болады;
• оған форма бериў имканияты бар;
• өзинен фитонцит затларын бөлип шығарады. Ол дөгерек әтираптағы зыянлы микроорганизмлерди өлтириўге жәрдем береди;
• туберкулёз кеселлигине пайдалы;
• шаң-тозаңларды өзинде көбирек услайды;
• узақ жыл жасайды.
Мине, биз жоқарыда санап өткен себеплерге бола бүгинги күнде ёлка тереги көплеп егилмекте.


Сәўбетлескен: Сахибжамал Есемуратова