Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.07.2017 14:24
  • 2246

13 улды дүньяға келтирген ерли-зайып Қудайдан қызлы болыўды тилеп отыр



Жақында бразилиялы ерли-зайыплардың 13-перзенти дүньяға келген. Қызық тәрепи, бул перзентлериниң барлығы ул балалар. Ерли-зайып қызлы болыўды қәлемекте, деп хабар берди justfun.su.



40 жаслы фермер Ирнеу Круз ҳаялы Джусислейда Сильва менен турмыс қурғанына 12 жылдан аслам ўақыт болған.
Олар турмыс қурған ўақтында уллы болса атын әкеси, ал қызлы болса анасы қояды деп келискен. Ҳәзирге шекем шаңарақта тек ул балалар туўылғанлығы себепли, балаларының атын тек әкеси қойған.
«Мениң бразилиялы футболистлерге ҳүрметим бәлент. Олардың атлары көбинесе «Р» ҳәрибинен басланады. Сонлықтан, балаларымның барлығының атлары да «Р» ҳәриби менен басланады», - дейди олардың әкеси.



Улларының ең үлкени Робсон — 18, Рейнан — 17, Раунан — 15, Рубенса — 14, Ривалдо — 13, Руан — 12, Рамон — 10, Ринкон — 9, Рикельме — 7, Рамирес — 5, Райлсон — 3, Рафаэль — 2, ең кишкенеси – Роналду еле жасқа толмаған.



Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

    2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады. Бул ҳаққында «New York Post»

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир