
Сағындық Нийетуллаев Қарақалпақ халқының социаллық, сиясий раўажланыў тарийхындағы атақлы ири ғайраткерлердиң бири. Соны айрықша атап өтиў керек, ол қарақалпақ халқының ҳуқықтаныўшылық илиминдеги биринши юридика илимлериниң докторы ҳәм профессоры болды.
Усы жылдың 31-март сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, белгили шайыр Сағындық Нийетуллаевтың 70 жыллығына бағышланған илимий-теориялық конференция болып өтти.
Илимий-теориялық конференцияны университет ректоры А.Реймов ашып берди. Буннан соң Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры, филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Оразымбетовтың «С.Нийетуллаев мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шайыр» атамасындағы, ю.и.д., профессор Л.Қутыбаеваның «С.Нийетуллаев атақлы ҳуқықтаныўшы илимпаз-профессор» атамасындағы, ф.и.к. Ж.Есеновтың «Ойшыл шайырдың эстетикасы» атамасындағы баянатлары тыңланды.
Соң Қ.Камалов, Ж.Базарбаев, Қ.Юсупов, Ш.Уснатдинов, Ү.Әширбеков, А.Тажиев, Н.Муҳамеддинов, У.Жалменов, Г.Дәўлетова ҳәм Нурлыбай Дәўлетбаевлар Сағындық Нийетуллаев, оның өмири ҳәм елимиздиң раўажланыўында қосқан үлеси, дөретиўшилиги туўралы жыйналғанларға мағлыўмат берди.
Сахибжамал Есемуратова