
Өзлерин «Ислам мәмлекети» деп жәриялаған терроршы шөлкем өз лидери Абу Бакр әл-Бағдадийдиң қайтыс болғанын тастыйықлады, деп хабар тарқатты Tengrinews.kz сайты. Мағлыўматларға қарағанда, терроршылар өз жетекшисиниң өлтирилгенин хабарлағаннан соң олар жаңа басшы сайлаған. Буннан алдын сырт елдиң айрым басылымлары Бағдадийдиң өлгени ҳаққында хабарларды тарқатқан еди.
Россия Қорғаныў министрлигиниң хабарына қарағанда, Россия Федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилген май айының соңындағы ҳаўа ҳүжимлериниң биринде әл-Бағдадий ҳәм оның 300 ге шамалас тәрептары қайтыс болған.