Бүгин KarInform.uz сайты 1 жасқа толды.
Сайттағы материаллардың саныСайтта қарақалпақ, өзбек ҳәм инглис тиллериндеги мақалалар берилип барылады. Бүгинги күнге шекем сайтқа 1469
материал, айына орташа 153, ҳәптесине орташа 25, ал бир күнде орташа 3 материал жайластырылған. Сайттағы материалларға оқыўшылардан 156 комментарийлер билдирилген. 5621 оқыўшы регистрациядан өткен.
Сайт оқыўшыларыСайттағы материалларды тийкарынан Өзбекстан пуқаралары оқыйды. Буннан кейинги орынларды АҚШ, Россия, Қазақстан ийелеп тур. Буннан тысқары, Қубла Корея, Австралия, Румыния, Германия, Франция, Япония сыяқлы 40 тан аслам мәмлекеттен кириўшилердиң саны жоқары.
Ең көп оқылған мақалаларСайтта ең көп оқылған материал
«Есимқан Қанаатов: Орол денгизининг сувлари Каспийга оқиб кетган. Биз буни исботламоқчимиз» мақаласы болып, ол 1420 мәрте оқылған.
Биз социаллық тармақлардаСайтымыздың Facebook, odnoklassniki, vkontakte, telegram, instagram социаллық тармағында канал ҳәм группалары бар. Facebook
социаллық тармағындағы группада 2545, Odnoklassniki
социаллық тармағында болса 165, telegramдағы
каналымызды 265 оқыўшы бизди турақлы түрде оқып барады.
ЖурналистлерСайтта еки журналист Ислам Матеков ҳәм Сахибжамал Есемуратовалар жумыс алып барады. Онда жәрияланған материаллар Өзбекстанға белгили болған daryo.uz, kun.uz, qalampir.uz, sof.uz, asr.uz, uz24.uz ҳәм тағы да басқа сайтларда берилди. Сайт журналистлери бир неше мәрте Өзбекстан көлеминде өткерилген халық аралық ҳәм жергиликли конференция, семинар-тренинглерде қатнасты. 10 нан аслам илажлардан туўрыдан-туўры репортажлар таярлады.
Сын мақалалар ҳәм фоторепортажларСайт журналистлери тәрепинен 50 ден аслам аналитикалық ҳәм критикалық мақалалар, 20 дан аслам фоторепортажлар таярланды.
ИнфографикаЖәне бир айрықша айтып өтиў лазым болған тәрепи, karinform.uz сайты Қарақалпақстандағы сайтлардың ишинде биринши болып инфографика таярлап оқыўшылардың
итибарына усынды.
РубрикаларСайтта бүгинги күнге шекем турақлы түрде еки рубрика -
«Инглис тилин үйренемиз» ҳәм
«Аңызлар тилге киргенде…» рубрикалары жәрияланып келинбекте.
МиннетдаршылықБүгинги күнге шекем бизге исенип, қоллап-қуўатлап келген оқыўшыларымызға өз миннетдаршылығымызды билдиремиз!
Алдымызға қойған мақсетлеримиз ҳәм проектлеримиз еле де көп. Бизди турақлы түрде бақлап барың.
Сахибжамал Есемуратова