Telegram karinform

Мәденият

  • 14.07.2017 14:54
  • 2584

ҚМУ китапханасында қанша китап бар?

ҚМУ китапханасында қанша китап бар?

Китап адамзат тарийхындағы ең қәдирли, ең қымбатбаҳалы ойлап табылмалардың бири. Китап оқыў арқалы инсанның сана-сезими, дүнья қарасы кеңейеди. Сонлықтан, соңғы жыллары елимизде китап оқыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Университетимизде де студент жаслардың билимин жетилистириў, қәнигелиги бойынша билимлерин және де тереңлестириў ушын мәлимлеме-ресурс орайында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Оның фонды көплеген заманагөй китаплар менен байытылып барылмақта.
Бүгинги күнде университетимиздиң китап фонды 512851 ди қурайды. Мәлимлеме ресурс орайында 295 атамадағы 352 баҳалы әдебиятлар бар.
10348 атамадағы 34718 өзбек, қарақалпақ, рус ҳәм қазақ тиллериндеги көркем әдебиятлар болып, бул жерде китап оқыў ушын бәрше шараятлар жаратылған. Пайдаланыўшылар излеген китабының баспа варианты табылмаған жағдайда оның электрон вариантын алып оқыў имканияты бар.
2017-жылы усы китап фондын және де байытыў мақсетинде 10 млн сўм қаржы ажыратылған. Сиз де усы мәлимлеме-ресурс орайының китаплары менен танысыўыңыз, арнаўлы бөлмелерде оқыўыңыз мүмкин.

Сахибжамал Есемуратова.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар