
Қарақалпақ филологиясы факультетинде Өзбекстан халық жыршысы, Қарақалпақстан халық шайыры ҳәм қыссахан Аббаз Дабыловтың 120 жыллық юбилейине арналған «Халық сүйген шайыр» атамасында әдебий кеше өткерилди. Кешеге факультетимиздиӊ кафедра басшылары, профессор оқытыўшылары ҳәм студент жаслар қатнасты.
Илажда қарақалпақ әдебияты кафедрасы оқытыўшысы М.Оразымбетова, әдебияттаныў қәнигелигиниң магистранты А.Пахратдинова ҳәм Б.Жолдасбаевалар баянат жасады. Кешеде шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған презентация исленип, студентлер шайырдың қосықларын ҳәм шайырға арнап жазылған қосықларды көркемлик пенен оқып берди. Соң студент жаслар шайырдың «Баҳадыр» дәстанынан үзинди келтирилип, келген мийманларға сахналық көринис қойып берилди. Аббаз Дабыловтың ҳаўазынан жазып алынған қосықлар ҳәм студент жаслар қатнасыўында аяқ ойын жыйналғанлардың нәзерине усынылды.
Илаж Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 11-январьдағы 05-08/10-01/16-санлы мәжилисиниң баянламасына тийкарланып Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәденияты ҳәм әдебияты ҳәм илимине хызмет қылған 2018-жылда юбилей жасларына толатуғын бир нешше жазыўшы, шайыр ҳәм илимпазлардың юбилей сәнелерин
әдебий кеше етип өткерилди.
Парахат Ажимуратов