Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.07.2017 18:00
  • 2592

Жаслар аўқамы, қаяқтасаң? («Жаслар аўқамы»на хат…)

Жаслар аўқамы, қаяқтасаң? («Жаслар аўқамы»на хат…)

Ҳүрметли Жаслар аўқамы, ең алдыы менен, сенлеп мүрәжат етип атырғаным ушын кеширим сорайман, «туўылғаныңа» енди ғана бир ай толғаны ушын сизлеп мүрәжат етким келмеди, және сонша күн жасап, еле бир жумысты қатырып атырғаның жоқ, сени сизлейин десем. Хош, жаңа ат пенен жасаў қалай екен? Өзиңди қалай сезип атырсаң, қай жерлерде үлкейип атырсаң? Еле сол байрам, илаж, таңлаўларды өткерип, өзиңди-өзиң қуўантып жүрсең бе ямаса жуўапкершилигиңе Елбасшы жүклеген ўазыйпаларды атқарыўға кирисип үлгердиң бе? Бирақ, негедур белгили бир жумысыңды көрип я еситкеним жоқ. Әй, бопты, енди жумыс баслаған болсаң. Бирақ, солай болса да тезирек сени жаслар арасында, аўылларда, мәкан пуқаралар жыйынларында, жумыс излеп жүрген жаслар арасында, оқыўға кирип атырғанда наҳақлыққа ушырап, дәртин кимге айтыўын билмей жүрген абитуриент алдында, бирнеше километрден үйине суў тасып атырған жас келиншек ямаса ержеткен қызлардың қасында, оқытыўшысы металлом алып келмесең сабаққа келме, деп сабақтан шығарып жиберген мектеп (колледж) оқыўшысы менен бир қатарда көргим келеди. Еситкен шығарсаң, жақында бир колледждиң оқыўшысын тепкилеп өлтирип кетти группаласлары, Қудай сақласын, усыған усас ўақыялар жүз берсе қуры қарап отырма, өз қатнасыңды билдир, анық позицияңды көрсет, жаслар менен байланыслы ҳәр қандай улыўма миллий, мәмлекетлик көлемдеги ҳәдийсе, үлкен пикир-таласларға себепши болып атырған ўақыялар ҳаққында баянат бер. Жаслық, шохлық етип қәтеге жол қойған қатарласыңа жәрдем бер, оның қолынан услап, судялар, тергеўшилер, прокурорлар, жазаны атқарыў колониясы хызметкерлерин басқа бундай қылмыс ислемейтуғынына исендир, оған имканият бериўин сора! Қылмысынан шын кеўилден пушайман болғанларға гүзар жолда тирек бол! Бизнес пенен шуғылланбақшы болса мәсләҳәт бер, жәрдем қолын соз, жумысқа кирмекши болса қоллап жибер, ол да усы елдиң перзенти, оның тәғдирине қуры қарап турма!
Серлейсең бе, аўылларда, көшелерде жаслар топарласып отырып, бир затларды сөйлесип отырады. Олардың қасына әсте бар, олар менен өзлериниң тилинде сөйлес, дәрти, талабы ҳәм пикирлери менен қызықсын, бәлким олардың арасында болажақ Ибн Сина, Беруний, өзимиздиң Стив Джобс, Илон Масклар бар шығар. Қайсы бири спортқа, басқасы өнерментшиликке қызығар, тағы биреўине исбилерменлик пенен шуғылланыўға басланғыш қаржы зәрүр ме, жумысты неден баслаўын билмей атырған шығар. Өзиңше мектеп-колледжди питкерип атырғанлар не менен шуғылланып атырғанына қызықсынып көр. Қандай жәрдем керек екенлигин ссора. Сондай жаслар болады, олар ҳеш нәрсе сорап бармайды, минези сондай. Бирақ, бирғана жәрдемиң менен таң қаларлық жумысларды ислеўи мүмкин.
Тағы бир гәп, қатарласларың арасында өз жанына қастыянлық ететуғынлар көбейип атыр. Психологлар, социологлар, педагоглар менен бундай жасларды алдын ала анықлаў, олар менен ислесиў механизмлерин ислеп шық, туңғыйық көшеге кирип қалған жаслар, өспиримлер ушын «горячий линия» (жедел байланыс) шөлкемлестир, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап, терең кризистен алып шығыў жолларын тап. Бунда, саған мәсләҳәтим, Мирзакарим Норбеков усылынан пайдаланыў жақсы нәтийже береди. Оның Ташкенттеги орайы менен бирге ислес, Норбеков усылы тек ғана ҳәр қыйлы машқалалар арасында қалғанларға емес, ал ҳәр қандай қатарласың ушын пайдалы.
Алыс район, аўыл ҳәм көшелерде жаслар машқалаларын үйрениў бойынша сораўнамаларды тез-тезден өткерип тур. Сол жердеги реал нәтийжелерге қарап жумысыңа баҳа бер. Үлкен қалаларда өмир қызғын, имканиятлар көп, жаслардың көбиси сениң жәрдемиңсиз де өз жолын таўып алады, бирақ, аўылларда ресурслар шекленген, итибар аз, имканиятлар жеткиликли емес. Сен тап сол жерлерде көбирек керексең!
Тағы бир өтиниш, ғалабалық илажларыңды азайт. Индивидуаллық жумысларың саған көбирек очко алып келеди, соны умытпа! Биреў болса да жасты қоллап, өмирде өз орнын табыўға көмеклессең, он илаж өткерип, жасларды оқыўдан, жумыстан қалдырғаныңнан пайдалы.
Айтқандай, сельфиге түскиш, ойын-заўық, ишип-жеўге қумар, нангөрек ағзалардан аўлақ жүр, олар сени басқа жаққа бурып, атыңды бүлдиреди. Олардың өзгешеликлери төмендегилерде көринеди: гәпке шешен, көпшик қойғыш, жалтақланыўға уста, барлық илажларда қатнасқысы келеди (бағдары, тараўы туўры келмесе де), ўәдепаз, ериншек, ойын-заўыққа қумар, өзин ҳәр формаға салып, сүўретке түсетуғынлар ҳәм т.б.
Қалған гәплеримди ўақты келгенде айтарман, ҳәзирше усы.

Санжар Саид.
Fayzbog.uz сайтынан алынды.

Қарақалпақшалаған: Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Уқсас жаңалықлар

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

    Бүгин, 5-декабр күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестириў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти.

Қайта шөлкемлестирилгеннен соң министрлик, комитет ҳәм агентликлер қурамында қандай өзгерислер болыўы анық болды

Қайта шөлкемлестирилгеннен соң министрлик, комитет ҳәм агентликлер қурамында қандай өзгерислер болыўы анық болды

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық,

24 мәмлекетлик басқарыў уйымының шөлкемлестириў бойынша бойсыныўы өзгереди

24 мәмлекетлик басқарыў уйымының шөлкемлестириў бойынша бойсыныўы өзгереди

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық,