Қанлыкөл районы ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген медиатурда жас журналистлер «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан гүнжини қайта ислеўге қәнигелескен «International construction machinery» ЖШЖ кәрханасында болды.
Кәрхана реконтрукциясы ушын 2 млрд сум, гүнжини қайта ислеп, өним етип шығарыў ушын 500 мың евро инвестиция ажыратылған болып, гүнжини преслеў ушын үскене Қытайдан, фильтирлеўши үскене болса Италиядан алып келинеди. Күйдирилген гүнжиге Қытайда талап күшли. Районда исленген өнимлер тийкарынан Туркия ҳәм Қытайға экспорт етиледи. Гүнжи майы экспортқа 1 тонналық бочкада шығарылады ҳәм оның баҳасы 1500 АҚШ долларын қурайды.
Бул завод иске түсирилгеннен соң айына 400 тонна гүнжи қабыл етилип, соннан 100 тонна май алыныўы күтилмекте. Гүнжини қайта ислеў ушын заводта 23 техникалық аппарат болады, қәниге сыпатында 3 сменада 74 адам жумыс пенен тәмийинленеди. Келешекте бул көрсеткиш 150 адамға жетиўи мүмкин.
Бул кәрхана қайта ислеў ушын гүнжи алыўды Қанлыкөл районынан баслап, кейин ала басқа районлардан да алып келиниўи режелестирилген. Ҳәзирше райондағы сегиз аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы фермерлер менен шәртнамалар дүзилген ҳәм бул егинди егиўши басқа район турғынларынан да алынады.
Еслетип өтемиз, қайта исленген гүнжи майы азық-аўқат ҳәм ишек кеселликлерине пайдалы болып, медицина тараўында кең пайдаланылады.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzПарахат Ажимуратов,
ҚМУ журналистика бағдарының 2-курс студенти.