Футбол бойынша Европа лигасының 2017-2018-жылғы мәўсиминде Мадридтиң «Атлетико» клубы жеңимпаз болды. Лионда өткерилген финал жарысында Францияның «Марсель» командасын 3:0 есабында жеңген мадридлилер чемпионлық кубогына ийе болды.
Ойында «Атлетико»ның ең жақсы футболшыларының бири Антуан Гризманн дубльге ерискен болса, ойын жуўмақланыў алдында Габи есапты 3:0 ге жеткерди.
«Марсель» ойын басланғанында гол урыў имканиятын қолдан берди. Валер Жерменниң тепкен тобы дәрўазаның жоқары тәрепинен өтип кетти. Ал ойынның 32-минутында «Марсель» сәрдары Димитри Пайениң жарақат алып, ойынды ўақтынан бурын тоқтатыўы француз командасының режелерин пушқа шығарды.
Мағлыўмат ушын, «Атлетико» бул сыйлыққа үшинши мәрте ерисип отыр. Мадридлилер 2010- ҳәм 2012-жыллары Европа лигасының жеңимпазы болған еди. Дыққатқа ылайықлы тәрепи сонда, клуб үш мәрте чемпионлықты қолға киргизген ўақытта да бас тренер Диего Симеоне болды.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuzИслам Матеков.