
Өзбекистан жаслар аўқамы Қанлыкөл районы Кеңесиниң мәжилиси болып өтти. Мәжилисте район ҳәкими М.Қосназаров, Өзбекистан Жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары П.Мақсетов, райондағы билимлендириў мәкемелери басшылары ҳәм бир қатар жаслар менен оқыўшылар қатнасты.

«Мәжилисте Жаслар аўқамының Қанлыкөл районы Кеңеси баслығы лаўазымына талабан Қалимбетов Рустем Таңатарович усыныс етилди ҳәм жаслар тәрепинен бул усыныс бир аўыздан қоллап-қуўатланды», деп хабар берди Гулбийби Абдиреймова.
