
Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районлық «Қанлыкөл хабарлары» редакциясы (редакторы М.Дәрьябаев) Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси жанындағы мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийеттиң басқада институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен жәрияланған таңлаўда қатнасып, мәмлекетлик грант жеңимпазы болды, деп хабар бермекте Kanews.uz.
Жойбар «Саналы ҳәм ҳуқықый саўатлы инсан жәмийет таянышы» темасында болып, районлық газета «Сырт ел ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларында жоқары ҳуқықый билимди, инсан ҳуқықлары мәдениятын, жәмийетшилик қадағалаўдың инновациялық форма ҳәм механизмлерин кең түрде үгит-нәсиятлаў» бағдарында қатнасты.
Жойбардың мақсети, газета арқалы халықтың ҳуқықый билимин беккемлеў, ушырасыўлар ҳәм семинарлардың сәўлелендирилиўин және де жетилистириў, газета көлемин кеңейтиў ҳәм газета ықласбентлериниң ҳуқықый саўатлылығын артыўына үлес қосыўдан ибарат.
Сахибжамал Есемуратова