Telegram karinform

Жәмийет

  • 17.07.2018 10:57
  • 1558

15-июльдан баслап алимент төлемегенлер 15 күнге қамалатуғын болды ма?

15-июльдан баслап алимент төлемегенлер 15 күнге қамалатуғын болды ма?

11-июль күни Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Нызам тийкарында (ЎРҚ-459-санлы) алимент бағдарындағы нызамшылыққа өзгерислер киргизилген еди.
Бул өзгерислер 15-июльдан баслап күшке кирди.

Оған муўапық буннан былай:

- алимент төлемеў 15 суткалық ҳәкимшилик қамаққа алыўға себепши болады;
- алимент төлеўге мәжбүр болған шахслар еки ай (алдын үш ай еди) даўамында алимент төлеўден бас тартса жынайы жуўапкершиликке тартылады (3 жылға шекем еркинен айрылыўы мүмкин);
- ҳәр бир бала ушын алимент муғдары ең кем мийнет ҳақы муғдарының 75 процентинен (алдын үштен бир бөлеги еди) кем болмаған муғдарда (138 225 сум) белгиленеди;
- алиментти бала ержетемен дегенге шекем көшер ямаса көшпес мүлк яки басқа қымбат баҳалы предметлер бериў арқалы бир жола алдыннан төлеў мүмкин;
- алимент алдыннан төленген ямаса гиреў шәртнамасын дүзиў жағдайларында усы шахсқа республикадан шығыўға қойылған қадағалаў алып тасланады. Бунда гиреў баҳасы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ең кем мийнет ҳақының еки жүз елиў есесинен кем (46 млн 75 мың сум) болмаўы керек.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,