Шавкат Миромонович Мирзиёев 1957-жылы 24-июльда Жиззақ ўәлаятының Замин районында шыпакер шаңарағында туўылған. 1981-жылы Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтын питкерген. Инженер-механик қәнигелигине ийе. Техника илимлериниң кандидаты, доцент.
Мийнет жолын 1981-жылы Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтында баслап, киши илимий хызметкер, үлкен оқытыўшы, доцент, оқыў ислери бойынша проректор лаўазымларында иследи.
1990-жылы Республикалық Жоқарғы Советиниң депутатлығына сайланып, сол ўақыттың өзинде Мандат комиссиясының баслығы сыпатында да жумыс алып барды.
1992-жылы Ташкент қаласының Мырза Улығбек районы ҳәкими лаўазымына тайынланды. 1996-2001-жыллары Жиззақ ўәлаятының ҳәкими, 2001-2003-жыллар даўамында Самарқанд ўәлаяты ҳәкими лаўазымларында ислеген.
1995-2003-жыллары Олий Мажлис депутаты болған. Шавкат Мирзиёев 2003-жылы Өзбекстан Республикасы Бас министри етип тастыйықланды ҳәм усы лаўазымға және үш мәрте – 2005-, 2010-, 2015-жыллары Олий Мажлис палаталары тәрепинен қайта тастыйықланды.
2016-жылы 8-сентябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде Өзбекстан Президентиниң ўазыйпа ҳәм ўәкилликлерин атқарыў ўақытша Шавкат Мирзиёевтың ўазыйпасына жүкленди. 2016-жылы 4-декабрь күни болып өткен Президентлик сайлаўының жуўмақлары бойынша сайлаўшылардың 88,61% лик даўысы менен Өзбекстан Президенти етип сайланды. 2016-жылы 14-декабрьден рәсмий түрде өз ўазыйпасын атқарыўға киристи.
Шавкат Мирзиёев шаңарақлы болып, еки қызы, бир улы, бес ақлығы бар. Өмирлик жолдасы Зироат Мирзиёева – қәнигелиги бойынша инженер-экономист, ҳәзирги ўақытта үй бийкеси.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz