Вьетнам президенти Чан Дай Куанг 61 жасында дүньядан өтти, деп хабар бермекте Reuters Вьетнам ҒХҚларына тийкарланып.
Президент емлеўханада 21-сентябрь куни азанғы ўақыт дүньядан өткен. Айтылыўынша, ол узақ ўақыт даўамында аўыр кеселлик пенен наўқасланып келген.
Президент Ханой қаласындағы әскерий емлеўханада 21-сентябрь күни азанғы ўақыт қайтыс болған. Хабар берилиўинше, оны емлеў ушын жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелер шақыртылған.
Чан Дай Куанг 2016-жылдан баслап президентлик лаўазымын ийелеген. Буннан алдын ол жәмийетлик қәўипсизлик бойынша министр болған.
Оның басшылығындағы шөлкем разведка мағлыўматларын жыйнаў ҳәм Вьетнам Коммунистлик партиясын ишки және сыртқы қәўиплерден қорғаў менен шуғылланған.
Агентликтиң мағлыўматларына қарағанда, Вьетнамда биринши дәрежели жетекши, жоқ мәмлекетти рәсмий түрде президент, бас министр ҳәм Коммунистлик партия басшысы басқарады. Қәнигелердиң пикиринше, президентлик лаўазымы ўәкиллик характерге ийе.
Чан Дай Куанг 1956-жылдың 12-октябрь күни Ниньбинь провинциясы Ким Сон округы Куанг Тиен коммунасында туўылған. Вьетнамның үшинши президенти, юридика илимлери бойынша доктор ҳәм профессор еди.
Нурлыбек Жамалов таярлады.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz