Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.10.2018 13:56
  • 1840

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 11 профессор-оқытыўшысы халық билимлендириў ағласы болды

29-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 11 профессор-оқытыўшысы халық билимлендириў ағласы болды
Байрам кешесинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов ҳәм институт ректоры Б.Отемуратов шығып сөйлеп, институттың барлық профессор-оқытыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады.
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 11 профессор-оқытыўшысы халық билимлендириў ағласы болды
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 11 профессор-оқытыўшысы халық билимлендириў ағласы болды
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 11 профессор-оқытыўшысы халық билимлендириў ағласы болды
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов института бир неше жыллардан берли жемисли мийнет етип, елимиздиң раўажланыўы ушын әдиўли хызмет етип киятырған 11 профессор-оқытыўшы – математика оқытыў методикасы кафедрасының доценти Г.Қайыпназарова, мийнет тәлими кафдерасының үлкен оқытыўшысы М.Аманбаев, зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы кафдерасының баслығы, доцент Ш.Алламуратов, тарийх-география факультети деканының оқыў ислери бойынша орынбасары А.Жолдасов, факультетлер аралық дене тәрбиясы кафедрасының баслығы ў.ў.а А.Ережепов, улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы баслығы Т.Утебаев, инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы К.Бабажанова, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графика кафдерасы үлкен оқытыўшысы Ғ.Мәмбетқадыров, қарақалпақ тили кафдерасының үлкен оқытыўшысы Б.Қурбанбаева, институт докторанты Қ.Мәмбетов, институттың «Тумарис» халық ансамбли балетмейстери А.Рейпназаровларға «Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы» көкирек белгисин салтанатлы жағдайда тапсырды.
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 11 профессор-оқытыўшысы халық билимлендириў ағласы болды
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 11 профессор-оқытыўшысы халық билимлендириў ағласы болды
Сондай-ақ, келешек әўладқа жоқары билим бериўдей уллы иске мүнәсип үлес қосып киятырған бир топар педагог кадрлар институт ректораты тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлықлары және байрам саўғалары менен сыйлықланды.
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 11 профессор-оқытыўшысы халық билимлендириў ағласы болды
Буннан соң институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм қәбилетли студентлер атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлардың итибарына усынылды. Байрам мүнәсибети менен профессор-оқытыўшылар ушын байрам дастурханы жайылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте