
Қанлыкөл районы ҳәкимлиги рәсмий сайтының хабар бериўинше, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясының 6-бәнти, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 18-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының 2018-жыл 29-сентябрь күнги 489-Б санлы бийлиги тийкарында, 2018-жыл 30-сентябрь күни Қанлыкөл районы ҳәкими ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы лаўазымына Аннақулов Бахытбай Қдырбаевич тайынланды.
Мағлыўмат ушын, Бахытбай Аннақулов Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри ўазыйпасын атқарып киятырған еди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz