Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.12.2018 12:50
  • 1194

«Өзбекстан тарийхы» каналы шөлкемлестириледи

«Өзбекстан тарийхы» каналы шөлкемлестириледи
Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске Мүрәжатында айтып өтти.
Өзбекстанның даңқлы тарийхын жаңадан, жақсы үйрениў ушын ғалаба хабар қураллары, Интернет ресурсларынан кең пайдаланыў оғада айрықша әҳмийетке ийе екенин бәршемиз жақсы түсинемиз. Усы мақсетте МТРК компаниясы қурамында «Өзбекстан тарийхы» каналын шөлкемлестирип, илимий жәмийетшилик, дөретиўши зыялыларымыз бенен биргеликте оның бағдарламаларын пуқта қәлиплестириў керек, - деди Президент.
Сондай-ақ, «Ўатанымыз тарийхынан көринислер» дүркининде турақлы түрде илимий ҳәм илимий-жәмийетлик китапларды баспадан шығарып барыў мақсетке муўапық, деп ойлайман.
Президент тарийхты үйрениў мәселелерине тоқтала отырып, елимиз музейлеринде сақланып атырған тарийхый экспонатларды толық хатлаўдан өткериў, ҳәр бир музейдиң каталогын жаратыў кереклигин атап өтти.
Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын тийисли илажлар ислеп шығыў ўазыйпасы жүклетилди.
Мүрәжат даўам етпекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда