
Бул ҳаққында New Muynak City телеграм каналы мәлим етти. Ҳәзирги ўақытта бул жумысларға 120 техника бириктирилген болып, 4 километрлик жол пүткиллей жаңадан исленеди.

2019-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында жуўмақланыўы күтилип атырған бул жумыслар нәтийжесинде Мойнақтан «Қазақдәрья» АПЖға Нөкис арқалы барылатуғын 330 километрлик жол орнына 80 километрлик жол арқалы барыў мүмкиншилиги пайда болады.
Сондай-ақ, Шымбай, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районы халқы ушын Мойнақ ҳәм Қоңырат районларына шығыў жолы ашылады.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz