Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.01.2019 14:49
  • 1765

Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги таярланады


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Республикалық терминологиялық орай тәрепинен «Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги» тийкарында «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» таярланады. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Е.Қанаатов мәлим етти.
Бул жумыслар қарақалпақ лингвистикасы бойынша илимпазлар менен биргеликте әмелге асырылады.
- 4 томлық «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» дәслеп 1992-жылы басып шығарылған, - дейди Қарақалпақстан Республикасы терминологиялық орайы баслығы, профессор Ш.Абдиназимов. – Раўажланыў менен бирге тилимизге жаңа сөзлер кирип келмекте, айрымлары пайдаланыўдан шығып қалмақта. Бул болса түсиндирме сөзликти қайтадан таярлаўға үлкен талап пайда етеди. Мәселен, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Арал апатшылығының ақыбетин жумсартыў бойынша кең көлемли жумыслар баслап жиберилди. Соның тийкарында лексикамызға «жасыл қаплама» деген жаңа термин де кирип келди. Демек, мәмлекетте жүргизилип атырған реформалар да тилди байытады.
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимий изертлеў институты директоры, филология илимлериниң кандидаты А.Альниязовтың атап өтиўинше, түсиндирме сөзликтиң толықтырылған формада басып шығарылыўы қарақалпақ әдебий тилиниң байыўына, жазылатуғын шығармалардың және де пуқта болыўына хызмет етеди.
Жыйналыста қарақалпақ әлипбесин заманагөй технологиялар бағдарламаларына киргизиў, қарақалпақ тилин «Google Translate» бағдарламасына қосыў және сөзликлердиң электрон вариантын жаратыў сыяқлы мәселелер бойынша да пикир алмасылды.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Тил байрамы қай жерде қалай белгиленеди?

Тил байрамы қай жерде қалай белгиленеди?

Бүгин дүньяда 7 мыңға жақын тил бар. Мағлыўматларға қарағанда, олардың 43%и жоғалып кетиў қәўпи астында турыпты....

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы