Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.01.2019 10:06
  • 2455

Ең ақыллы ҳәм ден саўлығы беккем балалар қайсы айда дүньяға келетуғынлығын билесиз бе?



Илимпазлар ең ақыллы ҳәм ден саўлығы беккем балалар қайсы айда дүньяға келетуғынлығын анықлады. Кембридж алымлары 6 жастан 15 жасқа шекемги 1,2 миллион баланың ойлаў шеңберин үйренген. Изертлеў Флориданың мәмлекетлик мектеплеринде әмелге асырылған. Оның нәтийжесине муўапық, сентябрь айында туўылған балалардың оқыўға үлгериўи жоқары болған. Буннан тысқары, усы айда туўылған балалар ересек жасқа толмағанлар ушын арналған қамақханаға кемирек түскен.
Илимпазлар ересек адамлар ортасында да изертлеў жүргизген. Жоқары оқыў орынларында жоқары балл топлағанлардың көпшилиги де усы айда туўылған. Бул мағлыўматлар National Bureau of Economic Research басылымында жәрияланған.
Илимпазлар ден саўлығы беккем балалар қайсы айда туўылатуғынлығын анықлаў ушын 1,7 миллион адамның 20 жыл ишиндеги мағлыўматлары менен танысып шыққан. Нәтийжеде, ден саўлығы беккем балалардың көпшилиги май айында туўылатуғынлығын анықлаған. Ал, октябрь айында дүньяға келгенлер шыпакерлерге көп мүрәжат ететуғынлығы белгили болған.
Бул илимпазлар тәрепинен анықланған мағлыўматлар. Бирақ, балалардың ден саўлығының беккем болыўы ҳәм оның ақыл-ойының қай дәрежеде болыўы оның ата-анасына ҳәм оны тәрбиялаўшы орталыққа тиккелей байланыслы екенлигин умытпаған мақул.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Қарақалпақстанда биринши мәрте Арал мәденият саммити өткериледи

Усы жылдың 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстанның Нөкис қаласында биринши мәрте Арал мәденият саммити болып өтеди, деп хабар...

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

    Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий