Буннан бираз ўақытлар алдын «Ёшлар» телеканалы арқалы энергетикалық ишимликлер ҳаққында сын пикирлерге толы көрсетиў таярланып, эфирге берилген еди. Сол көрсетиўде адамлар, әсиресе, жасларымыз бул ишимликти не ушын пайдаланып атырғаны, оның пайдалы тәреплери ҳаққында ҳешнәрсе айтылмастан, тек олардың зыянлы тәреплерине тоқталып өтилген еди (Көрсетиўдиң аты анық есимде жоқ).
Арадан онша көп ўақыт өтпеди. Бүгинлигинде «Ёшлар» телеканалынан сол көрсетиўде жаман ат тағылған энергетикалық ишимликлер баса-бас реклама етилмекте. Бул не аўҳал? Дәслеп тамашагөйлерге бундай ишимликти пайдаланбаўды анық мысаллар, фактлер, дәлиллер менен көрсетип берип, енди оны өткере алмай, үсти-үстине реклама етип, мақтап атырғаны… Принцип, позиция қайда кетти?! Дурыс, реклама – бул базар қатнасықларының ажыралмас бөлеги. Оннан телеканалға қаржы келип түседи. Деген менен, пулын берсе, керек болса наркотик затларды да реклама ете бериў керек дегени емес ғой! Ҳәр бир телеканал өз принципи, позициясы, ўазыйпаларынан келип шығып жумыс ислеўи керек емес пе?
Усы орында тағы айта кететуғын нәрсе, жоқарыда айтылған көрсетиўде қатаң сынға алынған энергетикалық ишимликлер тек ғана зыянлы емес, айрым жағдайларда пайдалы да екенлигин сол көрсетиўде айтып өтиў орынлы болар еди. Өйткени, журналист нейтрал позицияда турыўы керек. Пайдалы болса пайдалы, зыянлы болса зыянлы тәреплерин қоса айтыў шәрт. Сонда ғана тамашагөйлер оннан өзине керекли тәреплерин билип алады. Буның менен мен көрсетиўди таярлағанларды айыплы етпекши емеспен. Тек ғана адамлар арасында жаман көзқарас қәлиплестирип болып, кейин ала оны өлгенше мақтаў журналистлик позицияға туўры келмейтуғынлығын айтпақшыман. (Бизди бақлап барың. Бираздан соң энергетикалық ишимликлер ҳаққында материал жәриялаймыз).
Ислам Матеков.