Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.02.2019 16:44
  • 938

Мойнақ районында Сулайман Бақырғаныйдың мавзолейи қурылмақта


Адамзатты руўхый пәкликке ҳәм жетикликке ерисиўге шақырған Ислам дининде қәлиплескен суфизмниң ең белгили ўәкиллериниң бири Сулайман Бақырғаный болып табылады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты веб-сайты мәлим етти.
Ол түркий халықлар арасында Ҳәким ата аты менен белгили. Бул ат оған устазы Хожа Аҳмед Яссаўий тәрепинен оның тапқырлығы, билимлилиги ҳәм терең ой-пикир ийеси болғаны ушын берилген.
Ҳәким ата Сулайман Бақырғаныйдан бизге мийрас болып қалған шығармаларының тийкарғы идеясы адам өзиниң нәпсин тыйыўы, тәўбеге келиўи, өзиниң руўхы ҳәм денесин пәклеўи, байлық ҳәм артықша мал-дүньяға умтылыўдан өзин аўлақ тутыўы кереклиги, адам қанаатлы ҳәм сабыр-тақатлы, инсаплы ҳәм ийманлы болыўға умтылыўы зәрүрлиги ҳәм усы сыяқлы ҳикметлер, әмеллерден ибарат.
Ҳәким ата өзиниң «Бақырған китабы», «Бийби Мәрьям», «Қыссасы Ибраҳим Ҳалил» ҳәм басқа да китаплары арқалы суфизм тәлийматының раўажланыўына үлкен үлес қосқан ҳәм оларды түркий халықлар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаған. Оның шығармалары сол дәўирдиң өзинде-ақ Маўараўннахр, Қыпшақ ҳәм Волга бойларында кеңнен тарқалған.
Сулайман Бақырғаный шығармалары әдеп-икрамлылық, адамның жәмийетте тутқан орны, ҳадаллық, мийнет, ийман-инсап, улыўма тәрбиялық әҳимийетке ийе болып есапланады.

Уллы ойшыл бабамыз, жерлесимиз 1180-жыллары дүньядан өтип, Мойнақ районы «Дослық» аўылындағы өзиниң атына қойылған «Ҳәким ата» қәбирстанына жерленген.
Ҳәзирги ўақытта мақбара қайта салынып, зиярат орны абаданластырылмақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Кегейлиде адам өлими менен жуўмақланған жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди

Кегейлиде адам өлими менен жуўмақланған жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди

    Кегейли районында «Cobalt» ҳәм «Nexia-2» автомобильлери қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Бул ҳаққында «Газета.uz» басылымы

Беруний районында «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилмекте

Беруний районында «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилмекте

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлле бюджети» системасын енгизиў арқалы мәҳәллелердиң финанслық имканиятын буннан былай да кеңейтиў