Telegram karinform

Сиясат

  • 23.02.2019 10:49
  • 1769

Әскерий хызметке шақырыў ўақты өзгерди


Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы пуқараларының мүддетли әскерий хызметти атқарыў тәртибин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тастыйықланды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.
Қарарға муўапық, 2019-жылдан шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳуқықына ийе болмаған Өзбекстан Республикасының пуқаралары март-апрель айларында мүддетли әскерий хызметке шақырылады, сондай-ақ, мүддетли әскерий хызметти атқарыўға жарамлы және шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳәм шақырылыўдан азат етиў ҳуқықына ийе болмаған, быйылғы жылғы шақырыў даўамында Қураллы Күшлер қатарына шақырылмайтуғын пуқаралар мобилизациялық шақырыў резервине алынады.
Буннан гөзленген мақсет, Өзбекстан Республикасы пуқараларын мүддетли әскерий хызметке шақырыў тәртибин еле де жетилистириў ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерине мүддетли әскерий хызметке шақырылыў дәўиринде шақырыў жасындағы пуқараларға қолайлы шараятлар жаратыў болып табылады.
Ҳүжжетте жазылыўынша, 2018-жылы мүддетли әскерий хызметке шақырылған, әскерий хызметтиң белгиленген мүддетлерин атқарып болған Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерий хызметкерлери 2019-жылдың март-апрель айларында резервке босатылыўы белгиленген.
Мағлыўмат ушын, усы ўақытқа шекем әскерий хызметке шақырыў илажлары жылдың февраль-март айларында өткерип келинген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

    Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген. Билимлендириў шөлкемине келгенде