Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.02.2019 18:40
  • 1780

Мегаладонлар неден қырылып кеткен?

Мегаладонлар неден қырылып кеткен?
Океан ҳәм теңизлердеги тиришилик түрлери ҳаққында аңызлар көп, ҳақыйқатлары да баршылық. Солардың бири гигант акула – мегаладонлар болып есапланады.
Мегаладонлар буннан миллионлаған жыл бурын океанларда жасаған деп болжанады. Мағлыўматларда келтирилиўинше, узынлығы 18 метр, ал салмағы 47 тонна болған. Бирақ, пүткиллей қырылып кеткен (мүмкин, ҳәзирги ўақытта да бар шығар, бирақ, олар елеге шекем адамларға көринбеген).
Мегаладонның неден қырылып кеткени елеге шекем изертленбекте. Илимпазлар бул тиришилик түри климат өзгериўи (дүнья жүзилик климат ысыўы) ақыбетинде азайып, биротала жоқ болып кеткен деп есаплайды.
Соның менен бирге, изертлеўшилер арасында басқа да себеплер айтылмақта. Жақында мегаладонлар «теңиз жыртқышларының тәсиринде қырылып кеткен» деген пикир пайда болды. Бундай жуўмақ Қубла Каролинадағы Чарлстон колледжиниң палеонтологлары тәрепинен PeerJ журналында жәрияланды.
Мегаладонлар неден қырылып кеткен?
Океан түбин мәкан еткен гигант мегаладонның қалдықлары Арқа Американың батыс жағалаўларынан табылған. Палеонтологлар қалдықларды жақсылап үйренип, мегаладон 2,6 миллион жыл бурын емес, оннан да алдын (шама менен, және 1 миллион жылдай) қырылып кеткен деп есапламақта. Олардың билдириўинше, мегаладонның қырылып кетиўине ақ акулалар себеп болған.
- Гигант ақ акулалар биринши мәрте жер бетинде шама менен 6 миллион жыл алдын пайда болған. Олар дәслеп тек ғана Тыныш океанында жасаған. 2 миллион жыл өтип олардың саны әдеўир артып, барлық аймаққа тарқалған.
Океаннан океанға, теңизден теңизге тарқалған ақ акулалар гигант мегаладонның азығына аўыз салған. Буннан соң азық ушын бәсеки пайда болып, мегаладонлар қырылып кеткен, - дейди Чарлстон колледжиниң палеонтологы Роберт Боссенекер.
Мегаладонлар неден қырылып кеткен?

National Geographic қәнигелери бул тийкарсыз ҳәм сайыз гипотеза деп баҳалады. Себеби, мегаладон азық болмай қырылып кеткен болса, онда ақ акулалар емес, басқа теңиз жыртқышларын да есапқа алыў керек екенлигин айтады.
Мегаладон режиссёрлардың да қыялына қанат байлаған тиришилик формасы болып табылады. Мәселен, 2001-жылы режиссёр Мэтт Коддтың «Shark hunter» фильми сүўретке алынды. Өткен жылы Джон Тертелтаубтың «Meg: Monster of the depth» фильминде мегаладон ҳаққында толық мағлыўматлар ушырасады.
Мағлыўмат ушын, мегаладонды Швейцария ҳәм АҚШ илимпазлары да изертлеген еди. Олар да табылған барлық қалдықты изертлей отырып, олардың толық қырылып кеткен ўақтын 2,6 миллион жыл бурын деп болжаған еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер

17-ноябрь – Халықаралық студентлер күни

17-ноябрь – Халықаралық студентлер күни

    Студентлик – алтын дәўир. Өйткени, бул жаслық жигер, илҳәм-йош, қуўанышқа толы өмирдиң бир мәўрити болып