Telegram karinform

Экономика

  • 05.03.2019 18:12
  • 2062

Дүньяда қанша миллиардер бар?


2018-жылы дүньядағы миллиардерлердиң саны 430 ға азайды. Булардың тең ярымына шамаласы Қытай исбилерменлери болып есапланады. Буған юань курсының төменлеўи ҳәм Қытай биржаларындағы кодировкалардың түсип кеткени тийкарғы себеп етип көрсетилмекте.
Сол себепли Қытайдағы миллиардерлер саны 148 ге, Гонконгтағы миллиардерлер саны 17 ге азайған. 2019-жыл январь айының ақырында Қытай Халық Республикасы, Тайвань ҳәм Гонконгта 658 миллиардер бар екени анықланған.
Саўда тараўындағы Қытайдың бәсекилеси АҚШта бундай адамлар саны Қытайдағыдан 74 ке аз. Бирақ, АҚШта өткен жылдың жуўмақлары бойынша миллиардерлер 13 ке көбейген.
Пекиндеги миллиардерлер саны 28 ге азайғаны менен, ол дүньядағы ең көп байлар жасайтуғын қала болып қалмақта. Ҳәзирги ўақытта Қытай пайтахтында 103 миллиардер жасайтуғын болса, Нью-Йоркта 92 миллиардер өмир сүреди.
Дүнья халқының 27 проценти жасайтуғын Қытайда биржадағы турақсызлық себепли миллиардерлер азайып бармақта, егер биржа қайта жақсыланатуғын болса, Қытай бул бойынша абсолют алдыға өтип кетеди.
Мағлыўматларға қарағанда, дүньяда 716 қытайлы миллиардер бар. Оның 33 и ғана Қытай Халық Республикасы пуқарасы емес. Анықлаў етип айтқанда, 21 миллиардер Сингапурда, 12 си АҚШта жасайды. Улыўма есапта ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде 2470 миллиардер бар екен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

Пияда жүриўдиң күнделикли нормасы қанша?

Пияда жүриўдиң күнделикли нормасы қанша?

    Саламат болыў ушын күнине 21 минут жүриў жеткиликли, бирақ турақлы түрде тәкирарланыўы керек. Бул 2,5

Қарақалпақстан баспасөзиндеги ең ески фотосүўрет – архив материаллары тийкарында

Қарақалпақстан баспасөзиндеги ең ески фотосүўрет – архив материаллары тийкарында

Қарақалпақстан баспасөзи 1924-жыллардан баслап қәлиплесе баслаған болса, бул жылларда дәслепки «Қызыл Қарақалпақстан», «Советская Каракалпакия» сыяқлы газеталар...