Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.03.2019 15:40
  • 1520

Инглиз тилин тез үйрениўдиң 7 сыры

Инглиз тилин тез үйрениўдиң 7 сыры

1. Сөзлик пәтти үйрениў.
Сөзлик пәтти үйрениў – инглиз тилинде сөйлеўдиң ҳәм оны үйрениўдиң алтын гилти.
Сөзлик пәт жүдә әҳмийетли. Егер тезирек инглиз тилин үйрениўди ҳәм усы тилде биймәлел сөйлей алыўды қәлесеңиз сөзлик пәтти үйрениўиңиз керек.
Сөзлик пәт дегенимиз не?
Үш сөзди алың: photograph, photographer ҳәм photographic. Олар бирдей айтылама? Яқ! Олар түрлише айтылады. Себеби, бир буўын басқаларына қарағанда өзгеше айтылады яғный пәт түседи.
PHOtograph
phoTOgrapher
photoGRAPHic
Бул 2 ямаса оннан да көп буўынлы сөзлердиң ҳәммесинде ушырасады: TEACHer, JaPAN, CHINa, aBOVE, converSAtion, INteresting, imPORtant, deMAND, etCETera.
Инглиз тилиндеги қосық еситсеңиз ямаса фильмлерди тамашалағаныңызда сөзлердеги пәтке итибар бериң. Сизиң биринши қәдемиңиз еситиў ҳәм таныў. Кейин буны әмелде қолланып көриң!

2. Гәплик пәт
Бул инглиз тилин үйрениўдиң 2-алтын қағыйдасы. Гәптеги бир сөз басқаларына қарағанда өзгеше, пәт пенен айтылады. Мысалы ушын, We want to go. (Бизлер барыўды қәлеймиз)
Бизлер ҳәр бир сөзге пәт түсирип оқыдықпа? Яқ! Бизлер пәт түсирген сөзимизди басқаларына қарағанда күшлирек оқыймыз. Бул гәптеги пәт түскен сөзлер: WANT ҳәм GO.

We WANT to GO.
We WANT to GO to WORK.
We DON\'T WANT to GO to WORK.
We DON\'T WANT to GO to WORK at NIGHT.

3. Тыңла! Тыңла! Тыңла!
Айырым инглиз тилин үйрениўшилер инглиз тилиндеги хабарларды тыңламайды, олар тез оқылғанықтан түсиниўге қыйналады. Егер ҳеш нәрсеге түсинбейтуғын болсаңыз дыққат пенен тыңлаўыңыз керек!
Тыңлаўға қыйналсаңыз онда тәжирийбеңизди арттырың.
Сиз бөпе ўақтыңызда өзлериңиздиң тилиңизде сөйлей алатуғынбедиңиз? 3 ҳәптелигиңизде, 2 айлығыңызда ямаса 1 жасқа толғанынызда? Ҳеш нәрсеге түсинбейтуғын едиңиз. Бирақ, сиз тыңлаў арқалы ҳәмме нәрсени түсине басладыңыз. Өзиңизди ана тилиңизди үйрениў ушын күнине 24 саат, ҳәптесине 7 күн керек болды. Кейин сөйлеўди үйрендиңиз. Кейин оқыўды, соң жазыўды өзлестирдиңиз. Бирақ, тыңлаў биринши орында!

4. Тыңламаң!
Ҳәзир ғана тыңлаң деген едик, бирақ енди тыңламаң деймиз. Нени нәзер тутып атырмыз? Еситиў ҳәм тыңлаў сөзлериниң бир-биринен парқын билесизбе? Тыңлаў бул актив, еситиў бул пассив қубылыс. Сизлер арасында тыңлаўға қыйналасыз. Базы пайытлар еситиў аңсатырақ. Мейли радио арқалы, мейли дисклер арқалы. Бирақ, тыңламаң, тек еситиң. Ериксиз еситип, сөзлерди аңсат түсинип жетесиз. Сизиң мийиңиз еситеди, ақылыңыз тыңлайды ҳәм сиз үйренесиз!

5. Күнине 5 сөз ядлап барың.
Сөзлик бул аңсат! Бир жылда 365 күн бар. Егер сиз күнине 5 сөз ядласаңыз жылына 1,825 таза сөз ядлаған боласыз.
5 x 365 = 1,825
Бул басқада оқыў ҳәм сәўбетте болыў арқалы ядлаған сөзлериңизди есапқа алмағанда. Дәптерге ҳәр күни бес сөз жазың ҳәм соларды үйрениң! Нәтийжеде сизиң сөз байлығыңыз жүдә жақсы болады.

6. Ҳәптесине 3.5 сааттан гөре күнине 30 минут абзал.
Буны төмендеги математикалық жол менен түсиндирип беремиз:
Аз + Тез > Көп + Арасында.
Бул аңсатырақ, себеби күнине 30 минут ажыратыў көп ўақытты алмайды. Қалайынша дерсиз? Сиз 30 минут ертерек турың ямаса ярым саат азырақ аўқатланың.

7. Қайта көрип шығың! Қайта көрип шығың! Қайта көрип шығың!
Егер сиз үйренгенлериңизди қайталап турсаңыз үйренгенлериңизди 100% ядынызда калады. Бунда сиз үйренген затыңызды жазып қойыўыңыз керек. Кейин оған 3 мәрте қараң:
- 1 күннен соң
- 1 ҳәптеден соң
- 1 айдан соң

Ҳәрдайым қайталап, өзиниңизди тесттен өткерип турың
Үйрениң, қайталаң, тесттен өткериң!

Инглиз тилинен аўдармалаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Тил байрамы қай жерде қалай белгиленеди?

Тил байрамы қай жерде қалай белгиленеди?

Бүгин дүньяда 7 мыңға жақын тил бар. Мағлыўматларға қарағанда, олардың 43%и жоғалып кетиў қәўпи астында турыпты....

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы