Усы жылдың 27-март күни саат 21:30 ларда Ташкент мәмлекетлик техника университети «Кәншилик жумысы ҳәм металлургия» факультети 2-курс студенти Ш.У. Зия мәҳәллесинде жайласқан 63-студентлер турақ жайының 609-бөлмесинде ашық турған айнадан 6-этаждан төменге қулап түскен. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.
Студент Ташкент медицина академиясының екинши клиникасына жатқарылған, шыпакерлер тәрепинен бас мийдиң ашық жарақаты, бастың тийкарғы гүмбез сүйеги сыныўының бөлинип сыныўы, бас мий перделери астына, тоқымасына қан қуйылыўы, бас мийдиң аўыр дәрежеде зақымланыўы, шеп сан сүйегиниң ашық сыныўы, оң тәрептен 3-, 4- ҳәм 5-қабырғалардың сыныўы, төс сүйегиниң сыныўы, екинши өкпе жарылыўы анализи қойылған.
Ш.У. алған жарақатлары ақыбетинде 28-март күни саат 00:44 лерде емлеўханада қайтыс болған.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz