Telegram karinform

Технология

  • 16.04.2019 18:15
  • 2332

Телефон ямаса смартфонды қандай жағдайларда зарядламаў керек?

Телефон ямаса смартфонды қандай жағдайларда зарядламаў керек?
Телефон ямаса ҳәзирги заманагөй смартфонларды зарядлаўдың да өзине тән тәртиби бар. Бул тәртиплерди бәрқулла ядыңызда сақласаңыз, телефоныңыз сиз ушын көп ўақыт бузылмай хызмет етеди.
Адамлар телефонларын зарядлаў ўақтында көбирек қәтеликлерге жол қояды. Ақыбетинде бул уялы байланыс аппаратының бузылыўына алып келеди. Қәнигелер телефонды зарядлаған ўақытта бәрқулла итибарлы болыўға шақырады.

1. Телефонды азанға шекем зарядқа қоймаң. Әдетте, адамлар өзлери уйқылаған ўақытта телефонларын зарядқа қояды. Уйқыдан турғанда телефонның заряды толып турыўын ойлайды. Бирақ, буның қәўипли тәреплери бар. Телефон артықша заряд ақыбетинде қызып кетиўи мүмкин. Бул батареяға зыян жеткереди. Және қатты қызып кетсе, өрт келип шығыўы да мүмкин.

2. Автомобильди от алдырғанда (ходлағанда) зарядламаў керек. Автомобиль басқарыўшылар көбинесе автомобильдиң өзинде телефонын зарядлайды. Автомобильди от алдырмай турып, гаджетти зарядқа қойыўға болмайды. Себеби, мотор от алғанда телефонға зыян жетиўи мүмкин.

3. Заряд алып атырғанда «аўыр» бағдарламалардан пайдаланбаң. Телефонға көп күш түсиретуғын, көп зарядын алатуғын бағдарламалар болады. Бир ўақытта бир ямаса бир неше бағдарламалардан да пайдаланамыз. Зарядлаў ўақтында қандайда бир бағдарламадан пайдаланбаған мақул. Әсиресе, ҳәр қыйлы мобиль ойынларды зарядлап болғаннан соң да даўам еттириў мүмкин.

4. Зарядлаўшы үскенелердиң саз екенлигине итибар бериң. Базыда телефоныңыз дурыс зарядланбай қалыўы да мүмкин. Оған зарядлаў үскенесиндеги кемшилик себепши болыўы мүмкин. Себеби, зарядлаў үскенеси насаз болса, телефонды қыздырып жибереди. Және зарядлаўшы үскене де қызып кетип, өрт келип шығыўы мүмкин. Басқа биреўдиң зарядлаў үскенесинен пайдаланғанда итибарлы болыў керек.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында