Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.04.2019 15:39
  • 1547

Аралдың қақ ортасында жасыл оазис пайда етилмекте

Аралдың қақ ортасында жасыл оазис пайда етилмекте
Мойнақтан 200 километр арқада, бурынғы Возрождение атаўы майданында, яғный Аралдың қақ ортасында мийўели ҳәм декоратив терек нәллери, гүллер егилип, жасыл оазис пайда етилмекте. Бул жойбарға аўыл хожалығы илимлери докторы, профессор Зиновий Новицкий басшылық етпекте, деп жазады ӨзА хабаршылары Есимқан Қанаатов ҳәм Мақсет Ҳабибуллаев.
- Бул майданға 16 түрдеги өсимлик түрлерин ектик. Олардың арасында ерик, алма, алша, жийде, тут, жүзим сыяқлы мийўе терек нәллери, голланд әтиргүллери, туя сыяқлы декоратив терек нәллери де бар, - дейди З.Новицкий. – Бул өсимликлерди суўғарыў ушын қудықлар керек. Қудықлар, сондай-ақ, шарўа малларын суўғарыў ушын, улыўма флора ҳәм фаунаның раўажланыўы ушын керек.
Илимпаздың айтыўына қарағанда, бул майданда жасыл оазис жаратыў тәжирийбе формасында әмелге асырылмақта. Келешекте бул жерге туристлер келип, гөззал тәбият қушағында ҳәз етип дем алыўы ушын барлық шараятлар жаратылады.
Аралдың қақ ортасында жасыл оазис пайда етилмекте
Бул аймақларда экстремал, оқыў-ағартыўшылық ҳәм жайлаў туризмлерин раўажландырыў мүмкин. Студентлер тәбият қушағында оқыў әмелиятын өткерсе, туристлер түйелерде, атларда, квадроцикллерде қум барханлары бойлап саяхат етиўи, шубат, айран, қымыз ишип денсаўлығын беккемлеўи мүмкин ҳәм т.б.
Ҳәзирги ўақытта теңиздиң қурыған майданының 468 мың гектарына сексеўил егилген болса, соның 100 мың гектардан аслам майданында туқымлар көгерип шыға баслаған. Аралқумда бәҳәр кеш басланыўын есапқа алғанда, бул еле ҳәммеси емес, - дейди аўыл хожалығы қәнигелери. – Апрельдиң ақырына шекем басқа майдандағы сексеўиллер де бой көтереди. Быйылғы қыста қардың мол болғаны, бәҳәрдиң жаўын-шашынлы келгени басланған ийгиликли ислерге үнлес болды.
Мәлим болыўынша, теңиздиң қурыған майданына егилип атырған сексеўиллер арасына қытайлы қәнигелер цистанхе өсимлигин егиў жойбары менен қатнасыў нийетинде. Цистанхе өсимлиги шөлде өсетуғын паразит өсимлик түри болып, көбинесе сексеўиллердиң түбинде өседи.
Саҳра женьшени деп аталған бул өсимлик, негизинде женьшеньнен 5 есе күшли екенлиги атап өтилген. Жергиликли халық оны алтын тамыр деп атайды. Халықаралық базарда тамырының 1 килограмы 200 доллардан 500 долларға шекем баҳаланады.
Аралдың қақ ортасында жасыл оазис пайда етилмекте
Ҳәзирги ўақытта қәнигелер тәрепинен ҳәр гектар майдандағы егилген сексеўиллер бақлаўға алынған. Егилген сексеўил 2-3 жасынан баслап нәтийже бере баслайды, яғный 2-3 жасында олар Аралқумнан көтерилип атырған шаң-тозаңлардың 20-30 процентин услап қалады. 5 жаста бул көрсеткиш 70-80 процентке жетеди, 7-8 жасында 100 процент шаңлы боранларды сақлап қалыў өзгешелигине ийе. Бул жерге тек ғана сексеўил емес, қарабарақ өсимлигиниң туқымлары да егилген.
2019-жылы 500 мың гектар майданға қарық тартыў жумыслары белгиленген болса, әмелде 1 миллион 126 мың гектар майданға қарық тартылды. Бул қарықларға өнимли топырақлар келип орналаспақта. Тоғай хожалығы системасындағы шөлкемлер тәрепинен ҳәзирги ўақытта 250 гектар майданда питомниклер шөлкемлестирилген.

Аўдарма: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында