Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.05.2019 18:03
  • 1924

Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылғанына 90 жыл. Қарақалпақ әдебиятының мақтанышы


(1929-2010)
Өзбекстан Қаҳарманы, Қарақалпақпақстан ҳәм Өзбекстан халық жазыўшысы Т.Қайыпбергенов 1929-жылы Кегейли районында туўылған. 1947-жылы Хожелидеги педучилищени тамамлап, аўыллық мектепте муғаллим болып ислейди. 1955-жылы Қарақалпақстан мәмлекетлик пединститутының рус тили ҳәм әдебияты бөлимин питкергеннен кейин «Әмиўдәрья» журналында әдебий хызметкер, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери, Қарақалпақстан радиосында аға редактор, баслық орынбасары, «Жас Ленинши» (ҳәзирги «Қарақалпақстан жаслары») газетасының бас редакторы, «Совет Қарақалпақстаны» газетасының бас редакторы, Баспасөз бойынша мәмлекетлик комитет баслығының орынбасары, 1980-жылдан өмириниң ақырына дейин Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы болып иследи.
1987-жылдан 1991-жыллар аралығында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары, 1990-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти И.Каримовтың пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Президентлик Кеңесиниң ағзасы болып тайынланды. 1995-жылдан баслап жәмийетлик басламада Орайлық Азия халықларының мәденияты фонды басқармасының баслығы. Нөкисте ҳәм Ташкентте шығатуғын газета-журналлардың редколлегия ағзасы болды.
Т.Қайыпбергеновтың 1956-жылы «Секретарь» атлы биринши повести жәрияланды. Буннан кейинги жыллары «Муғаллимге рахмет» повести, «Соңғы ҳүжим» романы, «Блокнот сөйлейди» гүрриң ҳәм очерклер топламы, «Қарақалпақ қызы» романы, «Суўық тамшы», «Уйқысыз түнлер» повестлери, үлкен тарийхый дәўирди өз ишине қамтыған «Қарақалпақ дәстаны» роман-трилогиясы (1968-1971-1977), «Көздиң қарашығы» романы, «Фамилия», «Тәнҳа өзиңе мәлим сыр» дөретпелери, «Таңламалы шығармалары»ның үш томлығы баспада жарық көрди.
Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақнама» роман-эссеси тек ғана қарақалпақ прозасында ғана емес, ал ҳәзирги Орайлық Азия халықлары әдебиятларында айрықша әдебий қубылыс болды.
«О дүньяға атама хатлар», «Қәлбимниң қамусы», «Қарақалпақтың өз қалпағы менен сырлдасыўы», «Жол жөнекей берилген асығыс сораўларға жуўаплар», «Қарақалпақпан, тәўекелшимен» роман-эсселери ҳәм публицистикалық шығармалары қарақалпақ әдебиятын жаңа жанрлар менен байытты.
Т.Қайыпбергеновтың рус тилинде «Дастан о каракалпаках», «Из юрты в мир. Время, мир, жизнь», «Каракалпакнамэ», өзбек тилинде «Қорақалпоқ достони», «Бобомга хатлар», «Қорақалпоқнома», шығармалары басылып шықты. «Қарақалпақ қызы» романы тийкарында қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде телерадиопостановкалар, спектакль, «Қайсар қыз» көркем фильми жаратылды. «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы тийкарында өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде теле ҳәм радиопостановкалар, спектакль («Маман бий әпсанасы» тийкарында) қойылды. «Фамилия» («Хеопс пирамидасы») шығармасы, «Бердақ» («Саҳра бүлбили»), «Айдос баба» драмалары қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде жәрияланып, үзиндилер сахналастырылды.
Т.Қайыпбергеновтың республикамыздың мәденияты ҳәм әдебиятына қосқан салмақлы үлеси ылайықлы баҳаланды. Ол «Қарақалпақстан халық жазыўшысы» (1974), «Өзбекстан халық жазыўшысы» (1994) ҳүрметли атақларына миясар болды. Бир қатар республикалық ҳәм халықаралық сыйлықлардың лауреаты. Дүнья жүзилик Жаслар фестивалына бағышлап өткерилген Қарақалпақстан республикалық конкурсының әдебият бойынша сыйлығының жеңимпазы (1957), Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың (1967), Ҳамза атындағы Өзбекстан мәмлекетлик сыйлығының (1971), бурынғы СССР мәмлекетлик сыйлығының (1986), «Правда» газетасының (1987), «Крестьянка» журналының (1988), Махмуд Қашғарий атындағы Халықаралық сыйлықтың, М.Шолохов атындағы сыйлықтың лауреаты болды.
Жазыўшыға 2004-жылы Өзбекстан Қаҳарманы атағы берилди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...

Тил байрамы қай жерде қалай белгиленеди?

Тил байрамы қай жерде қалай белгиленеди?

Бүгин дүньяда 7 мыңға жақын тил бар. Мағлыўматларға қарағанда, олардың 43%и жоғалып кетиў қәўпи астында турыпты....