Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.05.2019 15:35
  • 1362

Берунийде «МАЗ» жүк автомобилиниң салоны өртенип кетти


Усы жылдың 6-май күни Беруний районы «Бунёдкор» МПЖ аймағынан өтетуғын Төрткүл трассасында ҳәрекетленип баратырған «Беруний электр тармақлары кәрханасы» АЖға тийисли «МАЗ» жүк автомобилиниң салоны өртенип кеткен.
«Беруний ЭТК» АЖ хызметкери пуқара А.П.ның басқарыўындағы ҳәрекетленип баратырған «МАЗ» жүк автомобилинде жүз берген өртти сапластырыў ушын 2 өрт өшириў экипажы жетип барған.
Алып барылған оператив ҳәрекетлер нәтийжесинде өрт сапластырылған.
Мағлыўматларға қарағанда, жарақат алғанлар жоқ. Өрттиң келип шығыўына жүк автомобилиниң ишки бөлиминдеги электр сымларындағы қысқа тутасыў себепши болғаны болжанбақта. Ҳәзирги ўақытта материаллық зыян муғдары анықланбақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

Нөкисте пропан газ тасыўшы жүк машинасы аўдарылып кетти

    ЖТҲ айдаўшы басқарыўды жоғалтыўы нәтийжесинде жүз берген. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жарақат алмаған. Айрықша жағдайлар

Кегейлиде адам өлими менен жуўмақланған жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди

Кегейлиде адам өлими менен жуўмақланған жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди

    Кегейли районында «Cobalt» ҳәм «Nexia-2» автомобильлери қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Бул ҳаққында «Газета.uz» басылымы

1938-жыл 13-октябрь – қарақалпақ зиялылары қурбан болған күн

1938-жыл 13-октябрь – қарақалпақ зиялылары қурбан болған күн

    Бурынғы аўқам дәўиринде Қарақалпақстанда мәмлекетик басшылар, жумысшылар, руўхый-ағартыўшылық жолында пидайылық көрсеткен қарақалпақ халқының бирнеше мыңлаған