Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.05.2019 16:09
  • 1312

Берунийде бир-бирине тийип турған еки үйде өрт пайда болды

Берунийде бир-бирине тийип турған еки үйде өрт пайда болды
Усы жылдың 11-май күни Беруний районы «Дослық» МПЖ Матбуот көшесинде жайласқан еки қоңсы үйде өрт келип шықты.
Ўақыя орнына оператив түрде 6 өрт өшириў бөлимшеси жетип барған ҳәм олардың жедел ҳәрекетлери нәтийжесинде үйлердиң 200 квадрат метрлик майданы өрттен сақлап қалынған. Дене жарақатын алған ямаса қайтыс болғанлар жоқ.
Берунийде бир-бирине тийип турған еки үйде өрт пайда болды
Өрт өшириўшилер мәнзилге жетип барған ўақытта үйлердиң жоқары тәрепи өртенип атырған болған. Өрт ақыбетинде көшедеги 25-жайдың 60 квадрат метрлик майдандағы жоқары тәрепи ҳәм үй мебельлери, сондай-ақ, 27-жайдың жоқарғы бөлиминдеги 30 квадрат метрлик қурылыс конструкциясы өртенип кеткен.
Өрттиң келип шығыўына 25-жайдағы электр сымларының қысқа тутасыўы деп болжанып атырған болса, оның қысқа ўақытта қоңсылас жайға өтип кетиўине жайларды қурғанда өртке қарсы аралықты есапқа алмаў ямаса өртке қарсы дийўаллар қурылмағаны себепши болған.
Ҳәзирги ўақытта материаллық зыян муғдары анықланбақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай