Ана тилим сен басқадан айырмам,
Сен турғанда мен де әдеўир шайырман,
Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай,
Бул күнлерге жеткениңе қайылман
Қарақалпақ сөз зергери И.Юсуповтың бул қосық қатарларын оқығанымда қәлбимде ана тилимизге болған муҳаббат, мақтаныш, сүйиспеншилик сезими арта береди. Бирақ, бүгинги күнде ана тилимиз қай аҳўалда? Биз жаслар оны таза ҳалында пайдаланып атырмыз ба?
Мени қыйнайтуғын бул жуўапсыз сораўлар усы мақаланы жазыўға мәжбүр етти. Көп жыллар бойы бақлаўымша қарақалпақ тили өз сулыўлығын жойтып атырғандай...
Буған өзиниз де социаллық тармақлардан пайдаланатуғын болсаңыз айқын гүўасы боласыз. Мысалы ретинде ҳәзирде жаслар арасында «Некыватсын» , «нестеватсын», «не хавар», «не жанка» ҳ.т.б усы сыяқлы сөзлерди ушаратамыз. Және «не хватсын» деп жазыўшылар да көп. Сонда «не қылып атырсаң?» деп жазыўға саўаты жетпей ме яки арнаўлы «саўатсызлар мектеби» ашылған ба?
Сонда келешек әўлад, мәселен 2050-2060 жылларда солай жазысып, тиллесеме? Кишкене балаларға итибар берип қарасаңыз «ғалати», «пистирма», «мени койиманг»... деген сөзлерди айтып жүреди. Бул қандай жағдай? Тилимиздиң жар жағасына келгени ме ямаса тилимиз соншелли дәрежеде «жарлы ма»?
Өкинишлиси бул сөзлердиң ҳәттеки қарақалпақ тилинде қалай айытылыўын да билмейди. Бундай мысалларды көплеп келтириў мүмкин. Бул темада көплеген макаладар да жазылған шығар, бирақ, бул макалам менен теңлеслериме ҳәм ата-аналарға «ана тилимизди сақлаң» демекшимен. Мен буның менен басқа тилди үйренбең ямаса басқа тилде сөйлемеў керек, деген пикирден жырақпан. Қайсы тилди уйренип атырған болсақ та ана тилимизди сап ҳалында сақлаўымыз, оған басқа тилден сөзлерди қосып «бузып» алмаўымыз керек демекшимен. Жуўмақ өзиңизден. Қарақалпақ тилин сақлаң!
Жеңисбек Камалатдин