Конференция Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм «Камалак» балалар шөлкеми сәрдарларының таярлап келген флэшмоблары менен басланды. Буннан соң пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат шөлкемлестирилди.
Конференция шеңберинде Сәрдарлар Кеңеслери арасында «Дийўалый газеталар» таңлаўы, «Камалак» мениң өмиримде» атамасындағы шығармалар таңлаўы, «Камалак»қа тилегим бар…» жойбары ҳәм «Сәлем, Конференция! Биз келдик…» атамасындағы ҳәзил майданы өткерилди.
Мағлыўмат ушын, конференцияға жыл даўамында айырықша жумыс алып барған, теңлеслерине өрнек болған улыўма 300 ден аслам сәрдарлар қатнасып, өз қәбилетлерин көрсетти.




Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


