Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.07.2019 18:32
  • 1257

Қараөзек районында үш егиз дүньяға келди

Қараөзек районында үш егиз дүньяға келди
Қараөзек районында 7-июль күни үш егизек перзент дүньяға келди. Бүгинги күнде үш егизектиң ҳәм олардың анасының жағдайы жақсы. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.
Олардың ата-анасы Руслан Базарбаев ҳәм Гүлсара Есенбаевалар балаларға жақсы нийетлер менен Ҳабибулла, Ҳамидулла ҳәм Халилулла деп ат қойды.
Перзентлердиң әкеси Руслан «Жаслар – келешегимиз» фонды тәрепинен исбилерменлик жумысын баслаўы ушын берилген жәрдемнен өнимли пайдаланып, жеңилликли кредит қаржылары есабынан жеке исбилерменлигин жүргизип киятырған болса, егизеклерди дүньяға келтирген бахытлы ана Гүлсара өмирлик жолдасын қоллап-қуўатлап келмекте. Ал, олардың туңғыш перзенти Алпамыс ҳәзир бес жаста болып, баўыры және де толысқанынан қуўанышқа бөленбекте.
Нәрестелердиң келешеги жарқын болып, ата-анасына ҳәм халқына мүнәсип хызмет етиўине тилеклеспиз.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

    2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады. Бул ҳаққында «New York Post»

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир