Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.07.2019 09:44
  • 1053

Кимлерге ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасы 100% төленеди?

Кимлерге ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасы 100% төленеди?

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинен 2002-жыл 8-май күнги 1136-сан менен дизимнен өткен Режеге тийкарланып, ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасы төмендеги тәртипте ҳәм муғдарларда төлениўи белгиленген:
1. Улыўма стажы 8 жыл ҳәм оннан артық болған хызметкерлерге ҳәм де 21 жасқа толмаған шын жетимлерге ис ҳақының 80% муғдарында;
2. Улыўма стажы 8 жылға шекем болған хызметкерлерге ис ҳақының 60% муғдарында төленеди.
Бул ҳаққында юридикалық мағлыўматлар telegram каналы толық мағлыўмат береди.
Социаллық әҳмийетке ийе болған кеселликлер (туберкулез, онкология, жаңа пайда болған қәўипли өсимтелер, жынысый жол менен жуғатуғын кеселликлер, руўҳый кеселликлер) менен дизимге алынған хызметкерлерге олар тәрепинен мәмлекетлик қамсызландырыў төлеми төлеген дәўириниң (улыўма ис стажының) даўамлылығына байланыслы түрде ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасы төмендеги муғдарларда төленеди:
1.Улыўма стажы 8 жыл ҳәм оннан артық болған хызметкерлерге ис ҳақының 100% муғдарында;
2. Улыўма стажы 5 жылдан 8 жылға шекем болған хызметкерлерге ис ҳақының 80% муғдарында;
3. Улыўма стажы 5 жылға шекем болған хызметкерлерге 60 % муғдарында төленеди.

Төмендеги шахсларға ис стажының неше жыл екенлигине қарамастан ўақтынша мийнетке уқыпсызлық напақасы 100% төлениўи белгиленген:
1. Жумыс ислеп атырған 1941-1945-жыллардағы урыс қатнасыўшылары;
2. Интернационал жаўынгерлер ҳәм оларға теңлестирилген басқа шахслар (аўған урысы қатнасыўшылары);
3. Қарамағанда 16 жасқа (оқыўшылар 18 жасқа) толмаған 3 яки оннан артық балалары болған хызметкерлерге;
4. Чернобиль АЭСдағы апатшылық ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан ҳәм сол апатшылық зонасынан эвакуация етилген ҳәм қәўипли жуқпалы кеселликлерге шатылған хызметкерлерге;
5. Кәсиби менен байланыслы болған жағдайда ўақтынша мийнетке жарамсыз болған хызметкерлерге.

Ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы төлениўине ўақтынша мийнетке жарамсызлық қағазы ҳәм мийнет дәптершеси тийкар болып, муғдары ең кем ис ҳақынан кем болмаўы ҳәм есаплап шығылған ис ҳақынан көп болмаўы керек.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар