Telegram karinform

Экономика

  • 24.07.2019 12:02
  • 1820

15-августтан баслап қысылған газди ақырғы тутыныўшыға сатыўда акциз салығының ставкасы 20 процентке көбейтиледи

15-августтан баслап қысылған газди ақырғы тутыныўшыға сатыўда акциз салығының ставкасы 20 процентке көбейтиледи
«Акциз салығына тартылатуғын айырым өним түрлерин ислеп шығарыў ҳәм реализациялаўды тәртипке салыўды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.
Пәрманға муўапық:
2019-жыл 15-августтан баслап қысылған газди ақырғы тутыныўшыға реализациялаўда акциз салығының ставкасы 20 процентке;
2019-жыл 1-октябрьден баслап алкогольлы өнимниң акциз салығының ставкасы орташа есапта 10 процентке, темеки өниминиң акциз салығының ставкасы 20 процентке көбейтилди.
Сондай-ақ, спирт ҳәм алкогольлы өним ислеп шығарыў бойынша жумысларды әмелге асырыўға байланыслы берилген лицензиялардың әмел етиў мүддети 2020-жыл 1-январьға шекем создырылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...