
Қазақстан халық артисти Мақпал Жүнисова қазақ эстрадасында мәниссиз қосықлардың көбейип кеткенлигин айтып, оларды сынға алды. Ол бул туўралы Instagram дағы арнаўлы бетинде хабарлады.
«Қазақ эстрадасын раўажландырыў ушын бир неше жылдан берли мийнет етип киятырмыз. Жаслар да бизиң изимизден ерип киятыр еди. Бирақ, Европаның ба, Африканың ба музыкаларын, ритмин алып қосық айтыў көбейип кетти. Оларға және мәниси жоқ қазақша сөзлерди қосады. Мынаў қандай қосық енди «зың-зың», «дың-дың», «дым-дым» дей ме... «Жоқ-жоқ» қандай қосық бул? Бул қосықлар келешек әўладларымызды қалай тәрбиялайды…»
Сахибжамал Есемуратова